Жақсылық, меҳир-мүриўбет, қайыр-сақаўат ҳәм дослық тымсалы болған Наўрыз байрамы бүгинги күни пүткил елимиз бойлап кеӊ түрде байрамланбақта.

Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы  17-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ жәмәәти де улыстыӊ уллы күни Наўрызды салтанатлы жағдайда белгилеп өтти.

Оған аймақта жасаўшы бурын усы жәмәәтте ислеп кеткен жасыүлкен муғаллим ата-апаларымыз, жаслар ҳәм мектепти буннан 35-40 жыл бурын питкерген «қарлығашлар» қатнасты.

Бул жерде халқымыздыӊ миллий салт-дәстүрине сай асылып, ҳәрқыйлы миллий тағамлар таярланды ҳәм дастурханларға  тартылды.

Аўылдыӊ жасыүлкен нураныйлары, районлық Халық билимлендириў бөлиминен келген жуўапкер ўәкиллер, мектеп директоры Жанар Алиева, усы оқыў дәргайын 40 жыл бурын питкерген питкериўшилер атынан белгили аўыл хожалығы хызметкери Бахыт Аннақулов, белгили қурылысшы «Шухрат» медалы ийеси Еркинбай Дәўекеев, «Ватанпарвар» шөлкеми Шымбай районлық бөлими баслығы Аяпберген Есемуратов, Тақыятас районындағы «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Оразгүл Сайманова, 35 жыл бурын питкерген питкериўшилер атынан белгили тележурналист «Дўстлик» ордени ийеси Үмит Абдижамиловалар шығып сөйлеп, аўыл халқын ҳәм мектеп жәмәәтин Наўрыз байрамы менен қутлықлады ҳәм өзлери билим алған ана-Мектеби ҳәм ветеран муғаллимлерге байрам саўғаларын тапсырды.

Илажда талантлы оқыўшылар тәрепинен жыйналғанларға сахналастырылған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы қойып берилип, бул жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы