Олий Мажлис Сенатының жигирма төртинши жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Нызам бойынша Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети баслығының орынбасары Шуҳрат Чўллиев шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, 1995-жылы қабыл етилген әмелдеги Мийнет кодексинде көплеген бағдарда нормалардың бар екенлиги, барлық зәрүр мәселелер анық тәртипке салынбағаны, оны әмелиятта қолланыўда бир қатар машқалалардың пайда болып атырғаны сыяқлы тийкарларға бола, мийнет нызамшылығын жетилистириўге зәрүрлик пайда болған.

Жаңа редакциядағы Мийнет кодекси бәнтлик, индивидуал мийнет қатнасықлары, хызметкерлерди кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, айырым категориядағы хызметкерлердиң мийнетин тәртипке салыў өзгешеликлери, хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнет келиспеўшиликлерин көрип шығыў сыяқлы нормалардан ибарат.

Бул нызамның турмыста қолланылыўы нәтийжесинде базар экономикасының талапларын есапқа алған ҳалда хызметкерлер ҳәм жумыс бериўшилер мәплериниң тең салмақлылығы тәмийинленеди, олардың социаллық бирге ислесиўге тартылыўы артады ҳәм тәреплердиң мийнет нәтийжелилигине қызығыўшылығы хошаметленеди.

Буннан тысқары, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўына мийнет нызамшылығын қолланыў жеңилленеди. Сондай-ақ, бул тараўларда жалланып ислейтуғынлардың мийнетин ҳуқықый тәртипке салыў өзгешеликлерин есапқа алыў мүкмин болады.

Пуқаралардың мийнет етиўге тартылыўының жаңа түрлерине жедел раўажландырыўды тәртипке салыў, бейимлесиўшең жумыс режимлеринен кеңнен пайдаланыў ушын, соның ишинде, жумыс бериўшилер тәрепинен хызметкерлерди мийнет процесине тартыўдың әпиўайырақ түрлерин таңлаўға тийкар пайда етеди.

Нызам бойынша додалаўлар даўамында сенаторлар тәрепинен берилген сораўларға Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Нозим Ҳусанов жуўап берди.

Сондай-ақ, Сенат Баслығы Т.Норбоева «Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы нызам бойынша төмендегилерди айрықша атап өтти:

– Мийнет нызамшылығы жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы ушын зәрүр турмыслық әҳмийетке ийе. Усы мәниде жаңа редакциядағы Мийнет кодекси оғада әҳмийетли ҳүжжет. Онда заманагөй мийнет қатнасықлары менен байланыслы әҳмийетли тәреплер есапқа алынған.

Муҳтарама Комилова, ӨзА