Тәбийғый орталықты қорғаў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырыўда айрықша баслама көрсеткенлерге «Табият ҳимоячиси» көкирек белгисин шөлкемлестириў режелестирилмекте. Министрлер Кабинетиниң бул бағдардағы тийисли қарар жойбары додалаўға жайластырылды.

Атап өтилиўинше, көкирек белгиси ҳәр жылы 5-июнь – Халықаралық қоршаған орталықты қорғаў күни алдынан тапсырылады. Сыйлықланғанларға базалық есаплаў муғдарының төрт есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық бериледи.

Сондай-ақ, «Ветеринария фидойиси» ҳәм «Чорвачилик фидокори» көкирек белгилери де шөлкемлестирилиўи мүмкин.

Атап өтилиўинше, бул сыйлықлар базалық есаплаў муғдарының төрт есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық пенен ҳәр жылы 1-сентябрь Ғәрезсизлик байрамы алдынан сыйлықланғанларға тапсырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги