«Бәринен бурын, Украина әтирапындағы жағдай Өзбекстанды да қәўетерлендирмекте. Екиншиден, Өзбекстан жағдайға тыныш жол менен шешим табыў ҳәм келиспеўшиликти сиясий дипломатиялық қураллар жәрдеминде шешиўдиң тәрепдары. Бул ушын, биринши гезекте, әскерий ҳәрекетлер, зорлықлар тез арада тоқтатылыўы зәрүр.

Өзбекстан тарийхый жақтан ҳәм Россия Федерациясы менен, ҳәм Украина менен дәстүрий көп қырлы байланысларға ийе. Биз ҳәр еки мәмлекет пенен өз миллий мәплеримизден келип шыққан ҳалда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди даўам еттиремиз.

Биз бүгинги аўыр күнлерде Украинаға гуманитарлық жәрдем беремиз ҳәм аўыр жағдайды есапқа алып гуманитарлық жәрдем жибериўди даўам еттемиз.

Өз гезегинде, Өзбекстан Республикасы Украинаның ғәрезсизлиги, суверинитети ҳәм аймақлық пүтинлигин тән алады. Биз Донецк ҳәм Луганцк халық республикаларын тән алмаймыз»

Қарақалпақстан хабар агентлиги