Врачларға, орта ҳәм киши медицина хызметкерлерине, денсаўлықты сақлаўдың барлық мәкемелери фармацевтика хызметкерлерине төмендеги үсетемелер төлениўи керек:

– үзликсиз жумыс стажы 5 жылдан 10 жылға шекем – тариф ставкасының 5 проценти;

– үзликсиз жумыс стажы 10 жылдан 15 жылға шекем – тариф ставкасының 10 проценти;

– үзликсиз жумыс стажы 15 жылдан 20 жылға шекем – тариф ставкасының 15 проценти, жоқары мағлыўматлы мийирбийкелер ушын тариф ставкасының 20 проценти;

– үзликсиз жумыс стажы 20 жылдан артық – тариф ставкасының 20 проценти, жоқары мағлыўматлы мийирибийкелер ушын тариф ставкасының 30 проценти.

Шаңарақлық шыпакерлик пунктлердиң улыўма әмелият врачларына – тариф ставкасына салыстырмалы 25 процент муғдарда арнаўлы ҳәр айлық үстеме белгиленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги