Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти. Оны Сенат Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Кенгаш мәжилисинде пуқаралар жыйынлары баслықларының ўәкиллик мүддетиниң тамамланыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 105-статьясы және «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы нызамлардың тийисли статьяларына муўапық пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)ның гезектеги сайлаўын усы жылдың май айында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Усы қарар тийкарында Сенат Баслығы басшылығындағы Пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўын шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын республикалық комиссия дүзилди. Пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша илажлар режеси және сайлаў бюллетениниң үлгиси тастыйықланды.

Буннан тысқары, аймақларда сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын комиссиялар дүзиў, сайлаўды шөлкемлестириў және өткериўде пуқаралар жыйынларына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, сайлаўды өткериўде жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, сайлаў өткерилетуғын орынларда медициналық хызмет көрсетилиўин нәтийжели шөлкемлестириў, санитариялық-гигиеналық талаплар ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етилиўин қадағалаў, сондай-ақ, сайлаў процесин кеңнен жарытыў бойынша өз алдына ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сондай-ақ, Пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын республикалық комиссияның биринши мәжилиси де өткерилди. Онда болажақ сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы бир қатар мәселелер додаланды.

Бул сайлаўда 9 мың 300 ден аслам пуқаралар жыйынлары баслықларының сайланыўы күтилип атырғаны атап өтилди. Пуқаралардың сайлаўда қатнасыўға байланыслы конституциялық ҳуқықларын толық жүзеге шығарыў ушын зәрүр болған барлық шөлкемлестириў-ҳуқықый шараятларды жаратыў, сайлаў процесине жаслар менен ҳаял-қызларды кеңнен тартыў, сайлаў қатнасыўшылары нызам талапларына, соның ишинде, ашық-айдынлық, альтернативлик және тең сайлаў ҳуқықының принциплерине сөзсиз әмел етиўин тәмийинлеў болажақ сайлаўға таярлық көриў ҳәм өткериўдеги ең әҳмийетли ўазыйпалар болып есапланады.

Сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы