Қазақстан Республикасының Ақтөбе аэропортында ушып-қоныў жолын реконструкциялаў жумысларының әмелге асырылыўы себепли «Uzbekistan Airways» компаниясы HY-9729/HY-9730 «Нөкис – Ақтөбе – Нөкис» авиарейсиниң жөнелисин өзгертиўге мәжбүр болды.

Компания баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, сол себепли 2022-жыл 17-, 22- ҳәм 24-март күнлери «Нөкис – Ақтөбе – Нөкис» авиарейси «Нөкис – Ақтаў – Нөкис» жөнелисинде әмелге асырылады.

Компания ўақытша келтирилген өзгерис ушын кеширим сораған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.