Бас прокуратура жанында Департаменттиң Тақыятас районы бөлими  тәрепинен «Нөкис вино заводы» акционерлик жәмийетиниң мүрәжаты бойынша өткерилген оператив илаж даўамында дүканлардың биринде қәлбеки акциз маркалы спиртли ишимликлер сатылып атырғаны анықланды.

Атап айтқанда, «Q.D»    жеке меншик кәрханасының баслығы Д.Ж. саўда дүканында қарыйдарға қәлбеки акциз маркалы 240 дана «Қаратаў» арағын 3,8  миллион сумға сатқан ўақтында усланған. Тийисли автотранспорт қуралы тексерилгенде, және 132 дана қәлбеки акциз маркалы спиртли ишимлик бар екенлиги анықланып, айғақлы дәлил сыпатында алынған.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң  176-статьясы (қәлбеки пул, акциз марка ямаса баҳалы қағазлар таярлаў, оларды өткериў) менен жынаятлы ис қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы