Усы жылы 5-март күни Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетиниң руўхыйлық залында Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Гүлистан Аннақлычева – Матякубованың Ташкентте «Әдебият» басылымында басып шығарылған «Көксимдеги нур» китабы ҳәм Нөкистеги «Авангард – баспасында» басылған Түркмен классик шайыры Мақтумқулы қосықларының өзбек тилине аўдарылған 1-2 томларының презентациясы болып өтти.

Бул әдебий әнжуманда әдебияттаныўшы илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылар, студент жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Қурамбаев, жас әдебияттаныўшы илимпаз, илим докторы Ў.Галлиева, Қарақалпақстан халық шайырлары К.Каримов, Н.Төрешова, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Г.Матякубованың көп қырлы дөретиўшилигиниң өзине тән өзгешеликлери, әсиресе, соңғы жылларда елимиздеги барлық дөретиўшилик, жаңаланыўларды шеберлик пенен қәлемге алынғаны, инсан қәдири, тәбият сырлары, меҳир-муҳаббат, кеңпейиллик сыяқлы темалардағы лирикалық қосықлары, тәрийп жанрындағы дәстанлары ҳаққында пикир жүргизди.

Шайыра жоқары оқыў орынларының китапханасы ушын өз китапларын саўға етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги