Жынаят ислери бойынша Хожели районы судында спиртли ишимлик ишиўдиң ҳәм өмирлик жолдасын қызғаныўдың аянышлы ақыбети менен тамамланған гезектеги жынаят иси көрип шығылды.

Судланыўшы Мақсет Утепов (адам атлары өзгертилип алынды) үйине мийман болып келген таныслары Аралбай ҳәм Оңғар менен өткен жылдың 31-май күни түнде бирге отырып, жәми үш шийше спиртли ишимлик ишеди. Соның арасында Аралбай самаллаў ушын сыртқа шығып кетеди. Оны ишке мирәт етиў ушын сыртқа шықса, үй алдындағы тапчанда уйқылап атырған ҳаялының шашын Аралбайдың сыйпап отырғанына көзи түседи. Буған ашыўланған үй ийеси, «мениң ҳаялымның қасында не қылып отырсаң,  я оның менен жынысый қатнаста болажақсаң ба»,-деп түрли сөзлер менен шаўқым көтерип, мийманларды үйинен қуўып жибереди.

Усы жерде Аралбайдың Мақсеттиң үйинде қалып қойған пуқаралық паспорты оның өмирден көз жумыўына себепши болады. Түнги саат төртте айланып бармастан, ертеңине кеширим сорап барғанда аман қаларма еди.

Мәсликтиң арқасында Аралбай менен Оңғар пуқаралық паспортты алып кетиўге Мақсеттиң үйине айланып барады. Аралбай болған ўақыядан пушайман екенин айтып, Мақсеттен кеширим сорайды. Оңғар болса үйге кирип уйқылап қалады.

Бирақ, алдыңғы ўақыя көз алдынан кетпейди. Қалай болмасын оннан өш алыў жолларын излейди. Ашыў менен асхана пышағын алып келип, Аралбайдың көкирегиниң шет тәрепине бир нешше мәрте урады. Ҳалдан тайған Аралбайға биринши медициналық жәрдем көрсетпестен, асханаға сүйреп апарып жатқарып қояды.

Ерте азанда асханаға чай демлеў ушын кирген Мақсеттиң ҳаялы Аралбайдың өли денесин көрип, ишки ислер бөлимине хабар береди.

Мине орынсыз қызғаныш, бир инсанның өлимине себепши болды. Суд ҳүкими менен 63 жастағы Мақсет Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 97-статьясы 1-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислегенликте айыплы деп табылып, оған 10 жыл еркинен  айырыў жазасы тайынланды.

И.АЛЛАНИЯЗОВ,

Жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги