2022-жылдың 1730-март күнлери ӨзМТДП Орайлық Кеңесиниң Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў мәселелери бөлими тәрепинен «Депутат ҳаял-қызлар клубы» менен биргеликте ҳаял-қызларды басым ҳәм зорлықлардан қорғаўға байланыслы мәселелер бойынша орынларда үйрениў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары З.Палўанова, Т.Рўзметовалар Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызларды басым өткериў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-майдағы «Зорлық ислетиўден жәбир көрген ҳаял-қызларды реабилитациялаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў бойынша республикалық, аймақлық ҳәм районлараралық орайлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың жағдайын үйренбекте.

Үйрениў даўамында тийкарынан Реабилитация орайы тәрепинен 2021-жыл даўамында ҳәм усы жылдың өткен дәўири ишинде әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўматлар жыйналып, талқыланбақта.

– Усы жумысларды әмелге асырыў мақсетинде сораўнама дүзилип, тийисли қарар ҳәм пәрманларда көрсетилгениндей, орайлардың нәтийжели түрде жумыс ислеўи ушын жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм талап дәрежесинде шараятлар жаратыў бойынша тийисли илажларды әмелге асырғаны үйренилди,-дейди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Г.Джумагулова. – Сондай-ақ, турмыслық зорлықлардан жәбир көргенлер, турмыслық зорлық ислеген ҳәм соған мейиллиги болған шахслар, турмыслық зорлықтан жәбир көргенлерге көрсетилген хызметлер ҳәм жәрдемлер, турмыслық зорлыққа ушырап, орайға мүрәжат еткенлердиң саны, судта көрип шығылғанлары ҳәм олар бойынша әмелге асырылған илажлар туўралы мағлыўматларды өз ишине алатуғын Турмыслық зорлық ҳақындағы бирден-бир мағлыўматлар базасының қәлиплестирилгенлиги де көрип шығылды.

Буннан басқа орай тәрепинен басым ҳәм зорлықтан жәбир көрген, өз жанына қастыянлық еткен ямаса өз жанына қастыянлық етиўге мейиллиги болған ҳаял-қызларға аноним тәризде қыстаўлы медициналық, психологиялық, социаллық, педагогикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да усы сыяқлы онлаған сораўлар бойынша мағлыўматлар алынды.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги