Сөз ҳәм баспасөз еркинлиги – Өзбекстан сиясатының тийкарғы бағдары деп белгиленгени халықаралық көлемде тән алынбақта. Ҳәзирги күнде журналистлер ушын жабық теманың өзи қалмады.

Мәлимлеме майданында бәсеки жүдә күшли. Ҳәзирги күнде ғалаба хабар қуралларының жәмийетлик  турмыстағы орны ҳәм тәсири қандай? Миллий медиа мәканда журналистлер, блогерлер ашық-айдынлық ҳәм қалыслыққа итибар қаратып атырма?

Ферғана районындағы «Чимён» саламатландырыў орайында басланған «Жәмийет ҳәм ғалаба хабар қураллары» темасындағы дәстүрий медиафорумда мине усылар ҳаққында сөз болмақта. Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының ўәлаятлық бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы ҳәм мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятларынан 70 ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Медиафорумның ашылыў мәресиминде Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Хуршиджан Аҳмедов, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Олимжан Ўсаров жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған реформалар процесинде ғалаба хабар қураллары тараўында да түпкиликли өзгерислер әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Турмыстың қайнаған ноқатларында олар ҳәмийше белсенди екенлиги атап өтилди.

-Чимён форумы өзбек масс медиасында өзине тән орны ҳәм абырайға ийе,-дейди О.Ўсаров. – Онда Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Ферғана ўәлаятлық бөлиминиң хызмети үлкен. Әлбетте, бул дәстүрий болып қалыўы керек. Бүгин журналистлеримизге шекленген теманың өзи жоқ. Өзбек баспасөзи тийкарғы мәниде ашық. Қәлеген мәселеде өзиниң аналитикалық-сын көзқарастағы материалларын жәрияламақта. Мине усындай илажлар ҒХҚ хызметкерлериниң шеберлик ҳәм маманлығын арттырыўға хызмет ететуғыны менен әҳмийетли болып есапланады.

Жас журналистлер ушын қарым-қатнас майданын жаратыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм кәсиплик машқалаларды таллаўда дәстүрге айланған Чимён медиафорумының орны теңсиз. Оныншы мәрте шөлкемлестирилип атырған бул әнжуманда өткен жыллар даўамында 600 ден аслам журналистлер маманлық ҳәм шеберлигин арттырды. Ҳәзирги күнде Ферғана тәжирийбеси сыпатында елимиз бойлап ғалаба ен жайдырылмақта. Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы тәрепинен усы ийгиликли жумыслардың баслаўшысы болған ўәлаят бөлиминиң баслығы Муҳаммаджан Обидов алғыснама менен сыйлықланды.

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Бас директоры Абдусаид Кўчимов медиафорум қатнасыўшылары менен баспа ҳәм электрон мәлимлеме қураллары алдында турған ўазыйпалар ҳаққында сөйлести.

Медиафорум бағдарламасынан өзбек журналистикасының жетискенликлери менен машқалаларын таллаў, абырайлы сырт елдеги  ҒХҚ хызметкерлери менен тәжирийбе алмасыў, газеталардың презентациясы сыяқлылар орын алған. Соның менен биргеликте олар саламатландырыў орайында денсаўлығын тиклеп, мәдений дем алады.

М.Сулаймонов, ӨзА