«Биреў айтар: кеше туўылсам,

Урыста мәртлик кѳрсетер едим деп,

Биреў айтар: ертең туўылсам,

Коммунизмге жетер едим деп.

…Рахмет саған заманым,

Ѳз ўақтында туўғаның ушын…»

И.Юсупов

Атақлы сѳз шебери И.Юсупов айтып кеткен бул поэтикалық пикирлер бурынғы жәмийетти мақтаўға қурылған сыяқлы  болып кѳрингени менен, ҳақыйқатында, ҳәр қыйлы жәмийетлик системаларда да қаҳарман атағын алмай–ақ ҳақыйқый  мәртликтиң, қаҳарманлықтың   үлгисин кѳрсетип жүргенлер туўралы айтылған болып, бундай инсанлардың ѳмирде,    жәмийетте    аз емеслиги туўралы пикир оятады. Мысалы, ѳз дәўириниң қаҳарманлары болған Гүлайым, Алпамыс, Қоблан, Тумарис, Ерназар алакѳз, Аллаяр Досназаров ҳәм тағы басқалар ҳүкиметлик нышанлар (значоклар) алып, кѳкиреклерине тақпаса да, халық ядында, миллет тарийхында  шын мәнисиндеги қаҳарманлар болып қала береди. Мысалы, қанлы саўашларға қатнаспай-ақ қаҳарманларға мегзес ис кѳрсетип, үлги боларлық ѳмир сүрип атырған заманласларымыз бүгинги күнлери де арамызда бар екенлиги дыққатқа ылайық. Олардың арасында лаўазымлы ислерде,  кѳркем ҳәм илимий дѳретиўшилик   салаларында   кѳпшиликке үлги болған, мәрт инсан, ҳәзир 80 жасты ылайықлы күтип алып атырған атақлы алым, филология  илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, илимпаз-жазыўшы Сарыгүл Баҳадырованың  басып ѳткен ѳмир жолы ҳәр тәреплеме мақтаўға, кѳтермелеўге ылайық.

С.Баҳадырованың терең илимий-әдебий изертлеўлери менен идеялық-эстетикалық жақтан қунлы, тематикасы бай кѳркем прозасы арнаўлы изертлеўге турарлық. Биз оның прозасындағы   баслы тема ел қорғаў,  ўатан қорғаў темасының ѳзине тәнлиги,  оның шығармаларының реалистлик  сыпатларынынң тереңлиги ҳаққында пикир жүритпекшимиз.

С.Баҳадырова  кѳркем прозасының   айрықша бир  ѳзгешелиги  соннан ибарат, оның, ҳәттеки, айырым қатарлары  да ѳзине қаҳарманлық сыпатты сиңирип жибергенлигин кѳремиз. Мысалы: «Массагетлер қыз баланы да, ер баланы да нағыз ер жетти деп  биринши қан тѳккен күнинен баслап есаплайды.  Ол душпан қаны болыў керек. Сол күни қыз, жигит ер жетти деп есапланады. Оннан кейин қәлеген адамы менен қосылыўға рухсат етиледи. Массагетлерде қыз бенен жигитти ата-анасы қоспайды. Олар әскерий жарыста бир-бирин жеңсе ғана қосылады»

Мине, усындай, қаҳарманлық сыпатлар кѳзге бирден  бѳртип кѳринетуғын қатарлар оның пүткил дѳретиўшилигинде кѳплеп ушырасады. Улыўма, оның шығармалары ҳәм   идеялық-тематикалық, поэтикалық, ҳәм социаллық-жәмийетлик, психологиялық кѳз-қарастан ѳзине тәнлиги менен айырылып турады. Сонлықтан да С.Баҳадырованың дѳретиўшилик табыслары тек     халқымыз арасында  ғана емес, ал, бурынғы Аўқам кѳлеминде  унамлы  баҳаланғаны тосыннан емес. Бул оның  оқыўшылар аудиториясының кең екенлигин, талант қырларының  қунлылығын ҳәм бийикке кѳтерилгенин аңлатады.  Атап айтқанда, 1982-жылы бурынғы СССР Жазыўшылар Аўқамының мәжилислериниң биринде  қарақалпақ  кѳркем прозасы мәселелери додаланады. Онда белгили сыншы Қ.Камалов баянатында қарақалпақ прозасындағы   Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы менен С.Баҳадырова ҳәм тағы басқалардың повестьлери жоқары  баҳаланады.   Москвадағы  атақлы әдебиятшылар менен жазыўшылар ҳәм аўдармашылар да  шығып сѳйлейди.  Мысалы, Орта Азия ҳәм Қазақстан халықлары әдебияты бойынша жетик қәниге З.Кедрина С.Баҳадырованың дѳретиўшилиги, оның «Ҳаяллар» повести ҳаққында: «… пүтин бир романның мазмуны енгизилген «Ҳаяллар» повестинде  жазыўшы тәрепинен шешилген, сүўретлеп ашылған мәселелер жүдә қыйын. Бунда еки қаҳарманның: солдаттың жас жесириниң ҳәм оның жақын сырлас  жеңгесиниң тарийхы сүўретленген. Миллий дәстүрлер, тәбият кѳринислерин сүўретлеген жерлерде жазыўшы халық үрп-әдетлерин ғана ашып берип қоймай, ең баслысы, еле турмыс қурмаған жас қызға тән болған муҳаббатқа садықлық пенен әдеплиликти, әдебий қаҳарманлардың характерлерин психологиялық формаларда  терең ашып сүўретлеўдеги жазыўшы  шеберлиги кѳзге түседи.

— Сарыгүл дѳретиўшилик ѳзиншеллиги қәлиплескен жазыўшы»[2,12]-  деп оның дѳретиўшилигине баҳа  береди.

Тағы бир белгили  әдебиятшы, маман қәниге Т.Кохман да  С.Баҳадырова прозасы ҳаққында ѳзиниң унамлы пикирлер менен ортақласады. Оның белгилеп ѳткениндей: «Ҳәзирги қарақалпақ прозасының нағыз табысларының бири- бул С.Баҳадырованың «Ҳаяллар» повести болып есапланады… шығарма турмыслық материалға оғыры бай.Онда урыс жыллары тек ғана еки еркеги бар аўылдың турмысы айқын сүўретленеди, тартымлы баянланады. Зийўардың тилинен баянланған ўақыяларда әдебий қаҳарман аўыл турмысындағы  машақатларды ғана емес, ал, ана тәбияттың гѳззаллығын ҳәм әжайып адамларын айтып сыр шертеди. Автордың нәзеринде еки қаҳарманның: биринши муҳаббаттың палын татқан Зийўар ҳәм оның бахытлы деп бахытлы емес күндеси  Ханзаданың тәғдири китап окыўшыларын қатты толғандырады. Повестьте Ханзаданың образы   реалистлик пенен, терең ҳәм ҳақыйқатшыл мазмунда ашып сүўретленген. Онда Ш.Айтматовтың Жәмийласының минези бар. Ол Жәмийладай ѳзиниң ҳаяллық бахтын ѳмирден жулып алыў ушын барлық барымға  бара алады… бул шығарма урысқа нәлет жаўдырады»[2,32] .

Мине бул пикирлер буннан алдын С.Баҳадырова шығармаларына байланыслы И.Юсупов тәрепинен айтылған пикирлерге уқсас. Ол жазыўшылар аўқамы мәжилисинде  «Ҳаяллар» повестине жоқары баҳа берген еди. Оның пикири бойынша, С.Баҳадырованың «Ҳаяллар» повестиниң қаҳарманлары «Муҳаббат қосығы» деп жоқары кѳтермеленген Ш.Айтматовтың  «Жәмийла» повести қахарманларын еслетеди. Повестьлердеги бул уқсаслық ѳмир шынлығы  менен жазыўшылардың   дүньятанымының  жақынлығы себепли  келип шыққанлығын аңлаў қыйын емес. Буның ѳзи  жазыўшының жаслық жыллардан-ақ таўдай табысларға ерискенлигин,  қәлеминиң жүйрик ҳәм ѳткирлигин, бәрҳама изленисте, қайралып турған  талантын аңлатады.

С.Баҳадырованың кѳркем проза  дѳретиўдеги белсендилиги менен кѳрегенлиги, биз айтажақ  болып отырған қахарманлық нышанлары оның  екинши жер жүзилик  урыс жыллары шынлығын жан титиретерлик дәрежеде сезимталлық пенен сүўретлеген «Урыстан соң» (журнал нусқасы «Кешиккен солдат»…), заманагѳй  темадағы «Турмыс сабағы»,  ерте дәўир темасына  арналған «Тумарис» (журнал нусқасы «Томарис ҳәм Кир») повестьлери менен «Тәғдир» трилогиясында айқын кѳзге  тасланады.

Жазыўшы-илимпаздың туңғыш түрде қәлем тербеп, мол илимий изленислер менен белгили табысларға,  жазыўшылық қәлемин қайраўға, шеберлигин  жетилистириўге түртки болған «Ҳәзирги заман қарақалпақ гүрриңлери» кандидатлық диссертациясы (1970),   «Роман ҳәм дәўир» (1979) мийнети,  докторлық диссертациясының тексти негизинде жәрияланған «Фольклор и каракалпакская советская проза» (1984) монографиясы, «Китаби дедам Қорқыт», «Қоблан», «Едиге» ҳәм ҳәзирги әдебият ҳаққында ойлар» (1992), «Қарақалпақ қандай халық» (Тошкент, 2018) деген мийнетлери, жүдә кѳп санлы әдебий-сынлық мақалалары халқымыздың илимий-әдебий дүньясында салмақлы орынға ийе. Демек, қысқаша түрде келтирилген усы фактлердиң ѳзи-ақ С.Баҳадырованың бай талантқа ийе  екенлигин тастыйықлап, оның дѳретиўшилик лабораториясында Орта Азиядағы әжайып ири тулғалар М.Əўезов, Айбек ҳәм Н.Дәўқараевлардағы сыяқлы  кѳркемлик ойлаў менен илимий пикирлеўдиң ажыралмас синтезин аттан анық кѳрсетип турады.  Бул ѳз гезегинде халқымыз ақыл-парасаты менен кѳркем ой танымы  раўажланыўындағы ѳзине тәнликти, тереңликти, бийикке умтылыўды аңлатып, әдебиятымыздың раўажланыўына қосылған салмақлы үлес болып табылады.

С.Баҳадырова, дурысында да, белгили әдебиятшы З.Кедринаның айтқанындай-ақ, әдебият майданына ѳткен әсирдиң жетписинши жылларында ең алды менен аз-кем гүрриңлер жазыў,  «Ҳаяллар»  повестин (журнал нусқасы «Екинши муҳаббат») жәриялаў арқалы  кѳзге түсти. Шығарма сол ўақыттың ѳзинде-ақ жоқары баҳаланып, жаслар, улыўма, әдебият ықласбентлери арасында унамлы түрде тилге алынып, қолдан қолға ѳтип оқылатуғын дѳретпелердиң бирине айланды десек, асыра силтеў емес. Шығарма сол жыллардағы Т.Қайыпбергенов, Ш.Сейтов, У.Пиржанов, К.Смамутов, С.Салиевлердиң, кейин ала жарық кѳрген К.Рахманов, Д.Шерниязова, Б.Аймухамедова, Е.Ѳтепбергенли, Х.Дәўлетназаровлардың лирикалық, лирико-психологиялық повестьлери сыяқлы ѳзине тән стильге ийе болып, ўақыялар  әдебий қаҳарманлардың тилинен баянланады. Шығарма сюжетлик-композициялық кѳзқарастан субъектив-психологиялық принципке, аналитикалық сүўретлеўлерге қурылған. Онда бас әдебий қаҳарман ѳмирбаянының  белгили бѳлеклери, атап айтқанда, урыс дәўириндеги қарақалпақ аўылларының биринде жасаўшы Зийўардың   классты  питкере сала  қара мийнетке  жегилиўи, Кеңес деген жас ѳспирим бала менен пахта, ғаўаша қатар араларын ақсай менен шүдигарлаўға  теңдей   қатнасыўы, аўылға қалалық жигиттиң ўәкил болып келиўи,  заманагѳй пишимдеги азаматты Зийўар менен урыста еринен қара қағаз келип жесир қалған  Ханзаданың теңнен унатып қалыўы, зыялы жигиттиң ҳәр бир ҳәрекетин, жүрис-турысын, оның адамгершиликли пазыйлетлерин жас нәўше қыз Зийўар менен тис қаққан,  ѳз ойларын жасырмай айта алатуғын Ханзаданың бақлап барыўлары, солардың барлығының Зийўар тилинен баянланыўы,  Зийўар менен жигиттиң шын муҳаббаты арасына түсип  жеңилтеклик еткени ушын Ханзаданы жасы үлкенлердиң арбаға байлап қойып сабалаўының жүдә тәсирли сүўретлениўи оқыўшы журтшылықтың жүрегин ләрзеге келтиреди.  Келиншектиң бригадир қайнағасының қатаң ескертиў сѳзлерине жуўап ретинде: «Мениң қолымнан не келеди қайнаға. Мен бир жүдә жесир болайын деп пе едим…» деген сѳзлеринде  қаншелли муң-шер жәмленген дейсең. Повестьте буннан басқа да трагедиялық пафосқа ийе ҳәдийселер кѳплеп сүўретленеди.

Улыўма повестьтеги ўақыялар сол дәўир ҳақыйқатлығына сыйымлы,  исенимли түрде     сүўретленген. Олардың әдебий қаҳарманның тилинен берилиўи, шығарма қурылысында авторлық баянлаўдан тысқары драматизм менен терең ойлылыққа толы диалог ҳәм ишки монологлардың қолланылыўы, хат формасының ислетилиўи, қыймыл-қозғалыслар, пейзажлық сүўретлеўлердиң тәсиршеңлиги менен ажыралып турады.

С.Баҳадырованың тың темаға, әййемги массагетлердиң батыр қызы Тумариске арналған повести де дыққатқа ылайық. Шығарманың  сюжетлик раўажланыўында қаҳарман  ҳаял Тумарис пенен Персия патшасы Кир арасындағы  қарама-қарсылықларға негизленген әдебий конфликт үлкен әҳмийетке ийе. Шығармада  илимий-публицистикалық  баянлаўдың  орынлы ислетилиўи, ҳәр қыйлы географиялық атамалар менен  тарийхый дәўирге тийисли терминлердиң ѳнимли қолланылыўы, массагетлердиң түп бабасының саклар менен байланысы туўралы аўызеки әпсаналар менен гүрриң-әңгимелердиң  дурыс таңланыўы ҳәм шеберлик пенен ислетилиўи дыққатқа миясар. Тумарис пенен перслер патшасы Кир арасындағы кескин қарама-қарсылыққа тийкарланган шығарма конфликти оқыўшы дыққатын дәрриў-ақ ѳзине тартады. Қанлы  саўашлардан соң  перслердиң  жеңилип Кирдиң геллесиниң мес толы қанға батырып  жиберилиўи жүдә ѳткир сюжет  детальлары, жанлы картиналық кѳринислер менен поэтикалық формалар: диалог, ишки монологтың автор баянлаўлары менен  синтезленип келген түрлери, пейзажлар, әдебий қаҳарманлардың сыртқы  түр-пишиминдеги, дәл психологиялық ҳалатлардағы  сыпатлы белгилерин ашыўшы  портретлик, мимикалық, қыймыл-қозғалыс  формаларының ислетилиўи ҳәм тағы басқалар  китап окыўшыларға халқымыздың узақ ѳтмиштеги  қаҳарманлығын жанландырып елеслетеди. С.Баҳадырова повести  еле де кѳбирек, толығырақ ҳәм тереңирек  сѳз етиўге ылайық. Ол  әдебиятымызда усы темаға арналған  А.Əбдиевтиң, Ҳ.Ѳтемуратованың, Г.Дәўлетованың ҳәм басқалардың шығармаларынан тәўир-ақ алдын дѳретилди. Ол автордың  кѳп ғана  илимий  изленислеринен кейин туўылған кѳркем  проза  үлгиси.  Бул туўралы  автор ѳзиниң «Қарақалпақ қандай халық» деген китабында: «Тумарис туўралы тарийхый материаллар Москвадағы бас китапханада докторлық жумысымды жазып атырғанда  алдымнан қайта-қайта шыға берди, шыға берди. Соңынан докторлық диссертациямды  ысырып қойып, бул темаға қызғын кирисип кеттим. Тумарис туўралы шығарма  жазбаўға мүмкин болмай қалды…»деп жазады.

Əлбетте, усындай жанлы  умтылыў, айрықша пафос болмаган жерде  узақ алыстағы  тарийхый дәўир менен Тумарис  тулғасындағы  қаҳарманлықты ашып бериў  мүмкин емес. «Тумарис» повести дәслеп «Əмиўдәрья» журналында «Томарис ҳәм Кир» (1999, №3-4) деген ат пенен жәрияланып, соңынан ѳзбек тилинде  Музаффар Ахмадтың аўдармасында  (Тошкент, «Ўзбекистон», 2016) китап болып басып шығарылды. Ал соңынан шығарма  қарақалпақша «Тумарис» деген атама менен басылды (Тошкент, «Наврўз», 2018).

С.Баҳадырованың адамгершилик пазыйлетлери ѳз алдына. Буған мен 1985-жылы ѲзРИА ҚБ Н.Дәўқараев атындағы Тарийх, тил ҳәм әдебият институтына жумысқа кирген күнимнен баслап гүўа болғанман. Университетте  әдебияттан диплом жумысын жақлаўым келешекте мениң усы бағдарда изертлеўши болыўыма  негиз таярлаған еди. Усы себепли  мен Академияға келген соң келешек  илимий жумысымның темасы, улыўма илимий искерлик ҳаққында  Сарыгүл апа  Баҳадырова менен тез-тез пикирлесип, қызыққан сораўларга жуўап тапқандай болар едим. Ол: «Пердебай, илим деген сондай нәрсе, оған шынтлап бир кирдиң бе, оннан қайтып шығыўың қыйын» деп айтыўын қайта-қайта  тәкирарлаўдан жалықпас еди. Бул мениң илим жолындағы  бар жуўапкершиликти сезиниўиме жәрдем бергенин жасырмайман. Ол ўақытлары Илимлер Академиясы имаратының гѳне корпусы дәлизин  әдебиятшылардан Зайтуна Насруллаева, Артық Каримов, Айдар Муртазаев, Айымқул Пирназаровлар, тилшилерден Досжанбай Насыров, О.Доспанов, Рәўия Есемуратова, Мамыт Қәлендеров, тарийхшылардан академик Сабыр Камалов, Абдикерим Қошанов, Узақбай Қальниязов ҳ.т.б. толтырып жүрер еди. Булардың ишинде мен проза бойынша кандидатлық ҳәм докторлық диссертациясын жақлаған, ѳзи де белгили жазыўшы С.Баҳадырованы ѳзиме жақынырақ кѳрер едим ҳәм ийни келсе дәрриў оның менен келешектеги илимий жумыс бағдарым бойынша сѳйлесиўге умтылар едим. Ѳйткени келешекте мен де   проза бойынша илимий жумыс жазсам деген пикирди кеўлиме түйип жүрер едим. Юбилярдың кандидатлық диссертациясына атақлы әдебиятшы М.Нурмухамедовтың, докторлық жумысына  бурынғы Аўқам миллий әдебиятлары бойынша белгили қәниге Зоя Сергеевна Кедринаның илимий басшы  болғанлығы да мени қызықтырар еди, усындай дүньяға белгили әдебиятшыларға шәкирт болсам деген әрман менде де жоқ емес еди. Енди ойлап кѳрсем, усылардың ҳәммеси бизиң келешек илим мәсканым сыпатында Москваны, онда да Сарыгүл апаның  илимий басшысы З.Кедрина жумыс ислейтуғын М.Горький атындағы Жәҳән әдебияты институтын таңлаўым тосыннан болмаған екен. Буның ушын әлбетте юбилярға миннетдарман.

1989-жылдың декабрь айынан баслап мен Москвадағы М.Горкий атындағы Жәҳән әдебияты институтына 2 жыл илимий стажировкаға жиберилдим, кейин аспирантураға түстим. Усылай етип бизиң де кѳкирегимиздеги әрманымыздың орынланыўына  негиз таярлана баслады, Москвада ИМЛИ де оқыўын баслаған бизге атақлы әдебиятшы Зоя Григорьевна Османованың  бекитилиўи болса бизиң де жуўапкершиликти сезинип, юбилярға усап жумысымды ѳз ўақтында жақласам деген нийеттиң пайда болыўына тийкар болды.

Москвадағы жумысымды ѳз ўақтында жақлап дипломлы қәниге сыпатында Илимлер Академиясына қайтып, Сарыгүл апа қараўында үлкен илимий хызметкер, илимий хаткер лаўазымларында жумыс ислеген дәўиримдеде оннан кѳп нәрсе үйрендим. Ол илимде ҳеш қашан бир жерде тоқтап қалмаў кереклигин жасларға айтыўдан жалықпас еди. Усы себепли шығар, кейин ала илимий жумысты даўам еттирип докторлық жумысты жақлаўдың зәрүрлигин түсинип жетиўиме   юбилярдың ѳз ўақтында берген устазлық нәсияты да тәсир еткен шығар, бәлким.

Биз мақаламызға «Қаҳарманлыққа мегзес дѳретиўшилик» деп атама қойғанымызда юбилярдың ата-бабаларымыздай қайсарлық пенен ҳәрекет етиў уқыбын, прозасында мәртлик, қаҳарманлық темасын сүўретлеў барысындағы ѳзине тәнликти, илим машақатларын жеңиўдеги батырлықты нәзерде тутқан едик. Буны оның ғәрезсизлик дәўирине келип репрессия темасына  арналған «29 жыл түрмеде» (И.Фазылов ҳаққында), «Қанатынан қайрылған суңқар» (Н.Дәўқараев) ҳ.т.б. шығармаларын дѳретиўи, неше жыллардан соң  «Тәғдир» трилогиясының 3-китабын жазып оқыўшыға жеткериўге ѳзинде күш таба алыўы, «Алпамыс», «Қырқ қыз», «Едиге» халықаралық конференияларын Нѳкисте  ѳткериўге жүрек етиўи ҳ.т.б. оның ибратлы ислери юбилярдың ѳткирлигинен, оның ѳтмишимиздеги мәрт қарақалпақ ҳаялларына тән қаҳарманлық сыпатларға ийе екенлигинен дәрек береди.

Улыўма, С.Баҳадырованың  илим ҳәм әдебият майданында қарақалпақ ҳаял-қызларының сәрдары болып  ѳмир сүрип атырғанын,  бүгинги әўладқа үлги боларлық бахт-саадатқа ерискенин кѳрип биз шәкиртлери қуўанышқа бѳленемиз. Юбилярдағы қайсарлық пенен мәртлик оның изин басып киятырғанлар, келешек әўлад ушын үйрениў мектеби болатуғыны анық.

 

Пердебай НУРЖАНОВ,

Филология илимлериниң докторы, профессор.

Қарақалпақстан хабар агентлиги