Президент Шавкат Мирзиёевқа спорт тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бәринен бурын, ғалабалық спортты ҳәм олимпиада ҳәрекетин және де кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды. Жақында Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларында Өзбекстан спортшылары жәми 39 медальды қолға киргизип, жүзлеген мәмлекетлер арасында 13-орынларды ийелеген еди. Бул мәмлекетимиз спорты тарийхында ең жоқары нәтийжелер болды.

Бул абырайлы жарыслардың жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери менен ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы 2028-жылы Лос-Анджелесте болатуғын ойынларға ҳәзирден таярлық көриў, жолламалар санын ҳәм түрин көбейтиў зәрүр екенлигин атап өткен еди.

Соннан келип шығып, Спорт министрлиги, Миллий Олимпиада ҳәм Паралимпиада комитетлери тәрепинен спорт түрлери бойынша пайдаланылмаған имканиятлар және бир мәрте сын көзқарастан талланды.

Мысалы ушын, Олимпиада ойынларында жеңил атлетика бойынша 48, суў спорты түрлеринде 49 бағдарлама бар. Бирақ ўәкиллеримиз оларда 5 ҳәм 4 жоллама менен қатнасты.

Теннис, оқ атыў, гимнастика, велоспорт бойынша федерациялар да, шараят да бар. Грек-рим гүреси, ат спорты, қылышласыў, ескек есиў бойынша еле иске қосылмаған имканиятлар көп. Көк шөп үстинде хоккей, баскетбол, гандбол, регби, суў полосы сыяқлы командалық спорт түрлерин де раўажландырыў зәрүр.

Усы спорт федерацияларының жумысын жанландырыў, оқыў-шынығыўлар системасын жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Бизге белгили, келеси жылы елимизде жаслар арасында Азия ҳәм Паразия ойынларының өткерилетуғыны режелестирилген. Оның ушын Ташкентте Олимпиада қалашасы қурылмақта.

Қалашаға сапары ўақтында Президентимиз бул комплекс мәмлекетимиз  спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болыўы зәрүр екенлигин айтқан еди.

Соған муўапық, Азия ойынларынан соң, Олимпиада қалашасы инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў нәзерде тутылмақта. Оның ушын «Ақыллы қала» концепциясына тийкарланған ҳәкимшилик басқарыў шөлкемлестириледи. Ол спорт комплекслерин сақлаў, үскенелер ҳәм техникалық жағдайын бақлап барыў, зәрүр жағдайларда оңлаў менен шуғылланады. Тийкарғы спорт түрлери бойынша жыллық реже тастыйықланып, аймақлардағы спортшылардың Олимпиада қалашасында оқыў-шынығыў өткериўи жолға қойылады. Сондай-ақ, бул структураға ғалабалық илажларды шөлкемлестириў, ижара ҳәм басқа хызметлерди көрсетиў ҳуқықы бериледи.

Олимпиада ҳәрекети ҳаққында сөз болғанда, қысқы ойынларды да нәзерден қашырмаў керек. Сондай спорт түрлеринен бири хоккей болып есапланады.

Ҳәзирги күнде хоккей бойынша 4 спорт клубы ҳәм 3 спорт имараты бар. U-16 сайланды командамыз 2023-жылы Азия ҳәм Океания кубогинде 1-орын ийеси болған еди. Быйыл бул жарыс биринши мәрте Өзбекстанда өткерилип, U-18 сайланды командамыз жеңимпаз болды.

Усыларға тийкарланып, бул спорт түрин раўажландырыў, кейин ала Олимпиада қалашасы аймағында хоккей комплексин қурыў бойынша усыныслар билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы халықты денетәрбия ҳәм ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, халықаралық жарысларға системалы таярлық көриў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА