27-октябрь күни елимизде болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары сайлаўы кампаниясы барған сайын қызғын түрге енбекте.

Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен депутатлыққа талабанлардың ҳәм сиясий партиялардың сайлаўалды үгит-нәсияты 22-сентябрьден басланатуғыны белгиленди.

Бүгин, 21-сентябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясы менен биргеликте сиясий партиялар тәрепинен ислеп шығылган сайлаўалды үгит-нәсиятлаўға байланыслы әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қол қойыў мәресими болып өтти.

Бундай келисимлер сиясий партиялар яки талабанлар арасында сайлаў процесинде инсапсыз бәсекиниң алдын алыў, әдалатлы гүрести тәмийинлеў, сайлаўалды үгит-нәсият даўамында талабанлардың бир-бирине ҳүрмет көрсетиў ҳәм ҳуқықый шеклеўлерден тысқары әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиў мақсетинде дүзиледи.

Атап айтқанда, быйылғы жылы Европарламент сайлаўларында ҳәм басқа бир қатар раўажланған мәмлекетдерде болып өткен сайлаўларда сиясий партиялар тәрепинен усы сыяқлы келисимлерге қол қойылған.

Бул әдеп-икрамлылық қағыйдалары сайлаўалды үгит-нәсият дәўиринде жалған мәлимлеме тарқатыўдың алдын алыў, сайлаўлардың тийкарғы принциплерине әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм сайлаўшыларға өз таңлаўын еркин әмелге асырыў имканиятын жаратыў мақсетинде ислеп шығылған.

Соны айрықша атап өтиў керек, соңғы жыллары жасалма интеллект имканиятлары артып баратырғаны инсаният ушын пайдалы болыўы менен бир қатарда, унамсыз ақыбетлерге алып келиўи мүмкин болған жалған яки өтириктен ибарат мәлимлеме материалларының тарқатылыўына да хызмет етип атырғаны бақланбақта.

Әдеп-икрамлылық қағыйдаларының әҳмийетли қағыйдаларынан бири де ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет арқалы сайлаўалды үгит-нәсиялаўды алып барыўда жасалма интеллекттен пайдаланыў тәртибине қатаң әмел етиў есапланады.

Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 2-июльдағы қарары менен сайлаўалды үгит-нәсиятлаўды алып барыў бойынша режеге муўапық, депутатлыққа талабанлардың ҳәм сиясий партиялардың биринши мәрте сайлаўалды үгит-нәсияты дәўиринде жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда сайлаўалды үгит-нәсият материалларын таярлаў ҳәм тарқатыўға байланыслы қағыйдалар менен толықтырылды.

Әдеп-икрамлылық қағыйдалары менен сиясий партиялар ўәкиллери сайлаўалды үгит-нәсият процесслеринде Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Сайлаў кодекси ҳәм басқа нызамшылық ҳүжжетлери талапларына қатаң әмел етиў, сиясий партия ўәкиллериниң жеке өмирине қол қатылмаслығы, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайын ҳүрмет етиў, сондай-ақ, социаллық әдеп-икрамлылыққа қарсы ҳәр қандай мәлимлемени тарқатпаў, сайлаўшыларға алдаў, қорқытыў яки мәжбүрлеў, өзгеше орынсыз тәсир илажларын қолланбаў ҳәм ҳақы орнына өзине аўдырып алмаў сыяқлы миннетлемелерди өз мойнына алады.

Сиясий партиялар басшыларының арасында Әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қол қойылғаны мәмлекетимизде сайлаў мәдениятының раўажланып атырғанынан дәрек береди ҳәм сайлаўларды миллий нызамшылығымызға бола ашық-айдын өткериўге хызмет етеди.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА