Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў жетинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

2024-жыл 20-сентябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Сенаттың елиў жетинши жалпы мәжилисинде дәслеп «Халыққа психологиялық жәрдем көрсетиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бизге белгили, соңғы жыллары мәмлекетимизде психология тараўында педагог кадрларды таярлаў ҳәм әмелиятшы психологлардың жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.
Республикамыздың 10 жоқары билимлендириў мәкемесинде «Психология», 19 жоқары билимлендириў мәкемесинде «Педагогика ҳәм психология» билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлери, жоқары медициналық билимлендириў мәкемелеринде «Медициналық психология» ҳәм «Медициналық психотерапия» қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылған.
Ҳәзирги күнде мектепке шекемги билимлендириў системасында 2,5 мыңнан, улыўма орта билимлендириў мектеплеринде 13 мыңнан аслам педагог-психологлар жумыс алып бармақта.
Соның менен бирге, психология бағдарында мәсләҳәт бериў, онлайн ҳәм офлайн форматта оқыў, тренинг, семинарлар өткериў арқалы жеке меншик тәртипте психологиялық жәрдем көрсетиў жумысы да кеңнен тарқалған.
Нызам менен халыққа психологиялық жәрдем көрсетиўдиң тийкарғы принциплери, ўазыйпалары, түрлери, формалары ҳәм стандартлары белгиленбекте.
Нызамда психологиялық жәрдем көрсетиў стандартлары Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўы, психологиялық жәрдем көрсетиў жумысы менен шуғылланыўшы юридикалық тәреп басшысы психология тараўында жоқары мағлыўматқа ийе болыўы керек екени нәзерде тутылмақта.
Психологиялық жәрдем көрсетиў тараўы қатнасыўшыларының ҳуқық ҳәм миннетлемелерин белгилеў, бийпул психологиялық жәрдем көрсетилетуғын шахслардың категорияларын анықластырыў, халыққа психологиялық жәрдем көрсетиў тараўындағы профессионал аўқамларының жумысының ҳуқықый тийкарларын жаратыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, психология бағдарынан басқа жоқары мағлыўматқа ийе болған шахслар жеке тәртипте психологиялық жәрдем көрсетиў жумысы менен шуғылланыўдан алдын психология қәнигелиги ушын қайта таярлаўдан өтиўи кереклиги белгиленбекте.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс психологиялық жәрдемди бундай ҳуқыққа ийе болмаған шахс тәрепинен көрсетиў яки халыққа психологиялық жәрдем көрсетиў ҳаққындағы нызамшылықта белгиленген шеклеўлерге әмел етпегени ушын жуўапкершиликти нәзерде тутыўшы қосымша нормалар менен толықтырылмақта.
Бул нызамның қабыл етилиўи халыққа психологиялық жәрдем көрсетиў тараўының ҳуқықый тийкарларын жаратыў, пуқаралардың психологиялық жәрдем алыўға болған талабын қанаатландырыў, жеке тәризде әмелият алып барып атырған психологлар жумысының нызамлы әмелге асырылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.
Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң «Жер асты ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Усы нызам менен жер асты байлықларына ийелик етиў ҳәм оларды өзлестириў, сондай-ақ, жер астынан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў даўамында жүзеге келетуғын қатнасықлар тәртипке салынбақта.
Нызамда қолланылатуғын тийкарғы түсиниклер кеңейтилип, онда пайдалы қазылмалардың сыпатламасы, яғный тийкарғы ҳәм руда емес пайдалы қазылмалар, олардың қурамы және де анықластырылмақта.
Республикамызда өткерилип атырған ҳәкимшилик реформалар шеңберинде жер астынан пайдаланыў ҳәм оны қорғаў тараўындағы мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлериниң шегаралары анықластырылып, Өзбекстан Республикасы таў-кән санааты ҳәм геология министри, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги, Энергетика министрлиги, Таў-кән санааты ҳәм геология тараўын қадағалаў инспекциясы, «Жер астынан пайдаланыў орайы» мәмлекетлик мәкемеси, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының ўәкилликлери анық белгилеп берилмекте.
Нызам менен жер астынан пайдаланыў ҳуқықы ушын рухсатнамаларды бериў, есабатларды қабыл етиў ҳәм басқа тараўдағы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесслеринде «бирден-бир айна» принципи енгизилмекте.
Нызамда тараўдың инвестициялық тартымлылығын кескин арттырыў мақсетинде мәмлекетлик уйымның қадағалаўы астында жер астынан пайдаланыў рухсатнамасын лицензиант тәрепинен өзлестириў (сатыў, гиреўге қойыў яки басқа шахсларға өткериў) механизми енгизилмекте.
Сондай-ақ, нызамда юниор компаниялар ушын рекогносцировкалаў (дәслепки геологиялық үйрениў басқышы) нормалары өз алдына ажыратылмақта ҳәм геологиялық мәлимлемеге болган мүлк ҳуқықы, инвесторлар тәрепинен оны алмасыў ҳәм реализациялаў нормалары жетилистирилмекте.
Нызамда жер асты мәмлекетлик фонды кадастр системасы және де жетилистирилип, онда углеводород кадастры, кадастр квадраты сыяқлы түсиниклер киргизилмекте.
Нызамда углеводородлар бағдары кескин күшейтилип, соның менен бир қатарда, углеводородлар резервлерин анықлаўға, геология-излеў жумыслары ҳәм оларды өзлестириўге ири инвестициялар киргизиўди жеделлестириў ушын алдыннан дәслепки үйрениў, яғный рекогносцировкалаў жумысларына айрықша қолайлы механизмде рухсатнама бериў тәртиби белгиленбекте.
Нызам менен уран қазып алыў ҳәм оның менен байланыслы процесслерде радиациялық қәўипсизлик, сондай-ақ, Халықаралық атом энергетикасы (МАГАТЭ) талаплары менен байланыслы ҳалда қосымша айрықша талаплар белгиленбекте.
Соның менен бирге, нызамда руда емес шийки зат кәнлерин излеп табыў ҳәм өзлестириўге байланыслы нормалар күшейтилмекте.
Руда емес қазылмаларды геологиялық жақтан үйрениў ҳәм қазып алыў ушын рухсатнамалар рәсмийлестириўдиң анық тәртиби ҳәм жер астынан пайдаланыўшылардың ҳуқықлары менен миннетлемелери белгиленип, күнделикли ҳәм жуўмақлаўшы есабатларды бериў, қызалмаларды геологиялық жақтан үйрениў ҳәм қазып алыўдың жыллық минимал қәрежетлери белгиленбекте.
Нызамда экология ҳәм қоршаған орталықты келешекте кепилликли қәстерлеп-сақлаў мақсетинде жер астынан пайдаланыўда экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўдиң қағыйдалары, жер астынан пайдаланыў ақыбетлерин сапластырыўдың талап ҳәм механизмлери нәзерде тутылмақта.
Нызамның қабыл етилиўи республикада жер асты байлықларын жуўапкершилик пенен геологиялық жақтан үйрениў, олардан пайдаланыў ҳәм қорғаўды заманагөй стандартлар тийкарында нәтийжели ҳәм системалы жолға қойыўға хызмет етеди.
Қзығын додалаўлардан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соң «Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын ижараға бериў тәртибиниң жетлистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Нызам менен Жер кодекси ҳәм бир қатар нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызамда аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларының ижарашысы ижараға алыў шәртнамасы бойынша өз ҳуқықлары ҳәм миннетлемелерин жер участкасынан тийкарғы пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда, жер участкасын ижараға алыў шәртнамасы мүддети шеңберинде басқа шахсқа өткериў (қайта ижараға бериўи) мүмкинлиги нәзерде тутылмақта.
Юридикалық тәреплерге электрон онлайн-аукцион, ашық электрон таңлаў яки таңлаў өткерилмей мәмлекетлик уйымлардың қарарларына бола тиккелей ижараға берилген жер участкаларына болған ҳуқықлар ҳәм миннетлемелерди басқа шахсқа өткериўге (қайта ижараға бериўге) жер участкасына болган ижара ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилген ўақыттан баслап бес жылдан кейин жол қойылатуғыны белгиленбекте.
Соның менен бирге, жер участкасын ижараға алыў ҳуқықы кредит алыў ушын гиреўге қойылған ҳәм кредит миннетлемелери орынланбаған жағдайда, кредиторлар тәрепинен усы жер участкаларына болған ижара ҳуқықын жерден пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда онлайн-аукцион арқалы реализациялаў киргизилмекте.
Нызамның қабыл етилиўи аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге бериўде ашық-айдын ҳәм базар принциплерине тийкарланған электрон онлайн-аукцион саўдалары енгизилиўине хызмет етеди.
Буннан тысқары, жер участкалары жерден пайдаланыў мақсетин өзгертпеген ҳалда қайта ижараға берилиўи аўыл хожалығы жерлерин базар активине айландырыў имканиятын жаратады.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Буннан соң сенаторлар «Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысын жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды көрип шықты.
Бул нызам жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының пуқараларымыз алдындағы жуўапкершилигин арттырыў, жергиликли Кеңеслердиң мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен өз-ара бирге ислесиўин күшейтиў, басқарыўдың және де ашық-айдын ҳәм нәтийжели болыўын тәмийинлейтуғын бир қатар әҳмийетли өзгерислерди өз ишине алады.
Оған бола ҳәким ҳәм жергиликли кеңес баслығы лаўазымлары бир-биринен ажыратылып, ендигиден былай ҳәким жергиликли кеңес баслығы бола алмайтуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, халық депутатлары Кеңеслерине депутатлар арасынан сайланатуғын баслық басшылық ететуғыны, оны ўәкилликлери мүддети жуўмақланғанға шекем лаўазымынан босатыў тәртиби нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, халық депутатлары Кеңеслери ҳәм ҳәкимлер тәрепинен қабыл етилетуғын ҳүжжетлерди жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қарарларын ислеп шығыў, келисиў ҳәм дизимнен өткериўдиң бирден-бир электрон системасында дизимнен өткериў ҳаққындағы талап беккемленбекте. Онда усы системада дизимнен өткерилмеген ҳүжжетлер ҳақыйқый емес деп есапланады ҳәм ҳуқықый ақыбетлерге алып келмейди.
Нызам менен ўәлаят, район, қала ҳәкими ўәкилликлери ҳәм ўазыйпаларына айырым өзгерислер киргизилип, оларға бола ҳәким өз кандидатурасын көрип шығыўда жергиликли Кеңеске аймақты раўажландырыў бағдарламасын көрсетиўи белгиленбекте.
Соның менен бирге, нызамда жергиликли Кеңес баслығы ўәкилликлери де кеңейтилип, «Кеңес сораўы» ҳәм «Кеңес тексериўи» институтлары енгизилиўи нәзерде тутылмақта.
Мәжилис даўамында сенаторлар тәрепинен бул нызам жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының және де нәтийжели ҳәм демократиялық системасын жаратыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, нызам жергиликли Кеңселердиң мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымы сыпатындағы ролин күшейтиў, ҳәкимлер ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимият ыуйымларының халық алдындағы жуўапкершилигин арттырыў, аймақлық машқалаларын және де нәтийжели шешиўди тәмиийнлейтуғыны атап өтилди.
Қызғын додалаўдан соң нызам бир аўыздан мақулланды.
Жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине ағартыўшылық жумысларын әмелге асырыў тәртибин белгилеўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.
Мәмлекетимизде халықтың түрли қатламлары арасында саламат ағартыўшылық жумысты үгит-нәсиятлаў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, жаслар арасында саламат емес руўхый-ағартыўшылық ис-ҳәрекетлер көбейип, оның нәтийжесинде халық ўәкиллери, атап айтқанда, жаслар ҳәм балалардың санасы, мәденияты ҳәм көзқараслары басқа болған түрли жат идеялар өз тәсирин көрсетпекте.
Өз гезегинде, бул жағдайлар усы бағдардағы жумысларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў зәрүрлиги жүзеге келип атырғанын көрсетпекте.
Усы мүнәсибет пенен «Билимлендириў ҳақкында»ғы нызамға ағартыўшылық жумысты әмелге асырыў тәртибин белгилеўге қаратылған қосымша киргизилмекте.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте усы жумыс түрине қойылатуғын талапларды бузғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленбекте. Атап айтқанда, ҳәкимшилик истиң бундай ҳәрекет пенен шуғылланыў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен әмелге асырылыўы яки нызамшылықта белгиленген шеклеўлерге әмел етпегени ушын пуқараларга базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – он есесинен он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайта әмелге асырылған болса, пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есесинен он бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса- он бес есесинен жигирма есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
Бул нызам ағартыўшылық жумысты әмелге асырыў тәртиби, түрлери, оны әмелге асырыў талаплары ҳәм шәртлерин, ағартыўшылық жумысын әмелге асырыўы қадаған етилген шахслар шеңберин белгилейди ҳәм жәмийетте ағартыўшылық жумысын әмелге асырыўда бар машқала ҳәм тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, Сенаттың 57-жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилк жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да қызғын додалаўларға себеп болды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде жол ҳәрекети қағыйдаларын және де жетилистириў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин қадағалаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, жол ҳәрекети қәўипсизлиги системасын жетилистириў, соның менен бир қатарда, айдаўшылар ҳәм пиядалардың жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиў мәдениятын арттырыў, жол ҳәрекетиниң шөлкемлестирилиўин толық санластырыўға қаратылған ҳуқықый тийкарлар жаратылды.
Нәтийжеде быйылғы жылдың 6 айы даўамында республикадағы улыўма жол-транспорт ҳәдийселери өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 7,6 процентке, өлим менен байланыслы жағдайдар 1,1 процентке, дене жарақатына байланыслы жағдайлар 9,2 процентке азайыўына ерисилди.
Додаланған нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўде еле сақланып қалып атырған системалы машқалаларды шешиў ҳәм халыққа қолайлық жаратыў ҳәм нызамларға ҳүрмет сезимин қәлиплестириў мақсетинде өзгерислер киргизилмекте.
Ҳәкимшиилк жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 171-статьясы алтыншы бөлим менен толықтырылып, онда фото ҳәм видео сақлаў техника қураллары арқалы анықланған ҳуқықбузарлықлар ҳаққында өз ўақтында пуқараны хабардар етиў ҳәм шара көриў менен байланыслы жаңа норма киргизилмекте.
Онда жол ҳәрекети қағыйдалары бузылыўына байланыслы мағлыўматлар 48 саат ишинде Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметине жиберилиўи, кери жағдайда айдаўшы ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмайтуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, бүгинги күнде қыстаўлы медициналық жәрдемге ҳәм өрт-қутқарыў бөлимлери хызметлерине мүтәж пуқараларымызға усы жәрдем ҳәм хызметлер тезлик пенен көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм өрт-қутқарыў бөлимлери транспорт қураллары үлкен тезликте яки жол белгилерине әмел етпей ҳәрекетлениўине байланыслы жағдайлар бар.
Бундай жағдайлар, өз гезегинде, автоматластырылған фото ҳәм видео техникалық қураллар арқалы белгиленбекте.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 171-статьясына тийкарланып жоқарыда көрсетилген жағдай жүзеге келген жағдайларда, қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм өрт-қутқарыў бөлимлери хызметлери тәрепинен хызмет ўазыйпаларын орынлағанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер берилген жағдайда, ҳәкимшилик ис ҲЖҳКның 271-статьясы тийкарында жуўмақланатуғыны белгиленген.
Додаланған нызам арқалы әмелиятқа киргизилип атырған өзгерислерге тийкарланып қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм өрт-қутқарыў бөлимлериниң транспорт қураллары тәрепинен кешиктирип болмайтуғын хызмет ўазыйпаларын орынлағанын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлер берилиўи талабы бийкар етилмекте.
Ташкент қаласында 2023-жыл июнь айынан баслап өткерилген рейд илажларында индивидул ҳәрекетлениў қуралларының басқарыўшылары тәрепинен 200 ден аслам жол ҳәрекети қадыйдалары бузылғанлығы анықланғанын атап өтиў керек.
Сол себепли скутер, индивидуал ҳәрекетлениў қураллары жәрдеминде ҳуқықбузарлық әмелге асырғанлығы ушын, скутерлер, мопедлер, велосипедлер ҳәм жалғаўлы арбаны басқарыў, сондай-ақ, индивидуал ҳәрекетлениў қуралларының ҳәм скутерлердиң айдаўшылары тәрепинен адамларды тасығанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Нызам менен жол-патрулт хызмети хызметкерлериниң хызметин өтеў ўақтында жол ҳәрекети қагыйдабузарлықларын анықлаған жағдайда қағыйдабузарға сол жердиң өзинде жәрийма қолланыўы мүмкин екенин нәзерде тутатуғын ўәкиллиги бийкар етилмекте.
Жолларда жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажларға қарамастан, бүгинги күнде жүк автотранспорт қураллары менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийселери саны елеге шекем жоқарылығынша қалмақта, ақыбетинде болса қайтыс болғанлар ҳәм жарақат алган пуқаралардың саны да аз емес.
Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 12-апрельдеги 172-санлы қарары менен тастыйықланған Жол ҳәрекети қағыйдаларында жүк автомобильлерине тек ғана шепке бурылыў яки қайырылып алыў ушын жолдың шетки шеп қатарын ийелеўге рухсат етилип, басқа жағдайларда шеп қатарда ҳәрекетлениў қадаған етилген.
Бул қағыйдабузарлық ушын әмелдеги нызамшылықта жаза илажлары белгиленбегенлиги себепли айырым жағдайларда айдаўшылар жоллардың шеп қатарларында биймәлел ҳәрекетленбекте ҳәм бул жағдай автомобиль жолларында тығылыслықларға ҳәм авария жағдайлары әмелге асыўына себеп болмақта.
Атап айтқанда, 2024-жылдың өткен 7 айында жүк автотранспорт қураллары менен байланыслы 303 жол-транспорт ҳәдийселери әмелге асырылғаны ақыбетинде 108 пуқара қайтыс болған, 227 пуқара дене жарақатын алган.
Усы жағдайларды итибарға алған ҳалда нызамда жүк автомобильлери жолдың шетки шеп қатарында ҳәрекетленгенлиги (рухсат етилген жағдайлардан тысқары) ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.
Парламент ағзаларының пикиринше, нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимиз жолларында ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўге, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға, сондай-ақ, пуқаралардың нызамлы мәплерин қорғаўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде «Шаңарақлық (руўзыгершилик) зорлықтан қорғаў илажлары күшейтилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қызғын додаланды.
Бул нызам Жәҳән банкиниң усынысы тийкарында балалар ҳәм ҳаял-қызлардың зорлық-зомбылыққа ушыраўының алдын алыў илажларының нәтийжелилигин арттырыў, шаңарақлардағы ағартыўшылық, әдеп-икрамлылық орталығы жақсыланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылды.
Атап өтилгениндей, усы ўазыйпалар бойынша 2023-жылы сентябрь айында Олий Мажлис Сенатының Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теғлиги мәселелери комитети тәрепинен тийисли министрлик ҳәм уйымлар ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар қәлиплестирилген еди.
ЖДСШның мағлыўматына бола, дүньядағы ҳәр үшинши ҳаялға өзиниң өмирлик жолдасы тәрепинен физикалық зорлық өткериледи. Зорлық-зомбылық ақыбетинде өлим келип шыққан жағдайлардың 38 процентинде оның өмирлик жолдасы яки оның менен бирге шаңарақ қурып жасап атырған шахстың айыбы болады.
2023-жыл ҳәм быйылғы жылдың май айына шекем әмелге асырылған 894 шаңарақлық (хожалық) зорлыққа байланыслы жынаятлардың 55,6 проценти, яғный 506 сы тәреплер жарасқанлығы мүнәсибети менен тамамланған. Қалған 44,4 проценти, яғный 388 и бойынша суд тәрепинен тийисли жазалар тайынланған.
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 592-статьясы ҳәм Жынаят кодексиниң 1261-статьясы балаға шаңарақлық (хожалық) зорлық еткени ушын жуўапкершилик белгилеў нормасы менен толықтырылмақта. Сондай-ақ, шаңарақлық (хожалық) зорлық пенен байланыслы ислер бойынша жарасыў ҳаққындағы арзаны тергеў ҳәм дәслепки тергеў басқышларында емес, суд додалаўы ўақтында бериў тәртиби енгизилмекте.
Яғный шаңарақлық (хожалық) зорлық бойынша ислер бойынша жарасыў ҳаққындағы арза тек ғана исти судта көриў процесинде, суд додалаўының қәлеген басқышында, бирақ, суд мәсләҳәтханаға кириўден алдын берилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Бул нызамның қабыл етилиўи шаңарақлық (хожалық) зорлық пенен байланыслы жынаят ислери ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс көрип шығылыўына, зорлық-зомбылық әмелге асырылған шахстың минез-қулқына көрсетилетуғын унамсыз тәсириниң күши және де артыўына, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың зорлық-зомбылыққа ушыраўының алдын алыў илажларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм шаңарақлардағы руўхый-ағартыўшылық орталықты, сондай-ақ, ҳаял-қызлар ҳуқықларына байланыслы халықаралық индекслерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылаўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў жетинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети