Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-сентябрь күни Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт ҳәм үлкен табыслар, туўысқан түркмен халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан-Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Жедел сиясий сөйлесиў ҳәм нәтийжели уйымлараралық қатнасықлар, соның ишинде, Ҳүкиметлераралық комиссия шеңбериндеги бирге ислесиў қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара товар алмасыў көлеми артпақта, «Шават-Ташаўыз» шегара алды саўда зонасы қурылмақта, энергетика ҳәм транспорт тараўындағы бирге ислесиў тереңлеспекте, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламалары әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшылары регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери ҳәм биргеликтеги илажлар режесин де көрип шықты.

ӨзА