Окленд технология ҳәм Вашингтон университетлери жанындағы Денсаўлықты сақлаў көрсеткиши ҳәм баҳалаў институты қәнигелери жер жүзинде инсульт пенен кеселлениў жағдайы артқанын мәлим етти.
Изертлеў жуўмағы «The Lancet Neurology» журланында жәрияланған. 1990-2021-жыллары усы қәстелик себепли аўырғанлар саны 70, өмирден көз жумыў дәрежеси болса 44 процент асқан. 2021-жылы жүрек ишемиясы ҳәм «COVID-19»дан кейин әйне инсульттан ең көп адам жан берген.
Илимпазлар излениў даўамында артықша салмақ индекси, қан басымы, қандағы қумшекер дәрежеси ҳәм патас ҳаўа сыяқлы қәўип факторлары тәсирин баҳалады. Нәтийжеде жасқа бола стандартласқан кеселлениў ҳәм өлим көрсеткиши регионлар кесиминде парықланыўы, инсульт жүги төмен ҳәм орта дәраматлы мәмлекетлерде сезилерли дәрежеде жоқары екени анық болған.
Инсульт себепли жоғалтылған өмир яки саламат жыллар муғдары 1990-жылға салыстырғанда 32 процент өсип, 160,5 миллионға жеткен.
Африка, Азия сыяқлы төмен дәраматлы регионларда қәстеликке дус келиў ҳәм өлим жағдайы раўажланған мәмлекетлерге салыстырғанда 2-10 есеге жоқары. Семирип кетиў, гипертония ҳәм патас ҳаўадан дем алыў жас халық арасында инсульт көбейиўине алып келетуғын тийкарғы факторлар сыпатында келтирилген.
Изертлеўге бола, қоршаған-орталық факторы, атап айтқанда жоқары температура ҳәм ҳаўаның патасланыўы машқаласы, әсиресе, төмен дәраматлы мәмлекетлерде әҳмийетли. Яғный, бундай аймақлар экологияның сапасын жақсылаў ҳәм метаболикалық кеселликлердиң алдын алыў бойынша зәрүр ҳәрекетлерди әмелге асырыўы керек.
Ш. Маматуропова, ӨзА