АҚШ Орайлық банки ўазыйпасын атқарыўшы Федерал резерв системасы (ФЗТ) тийкарғы ставка төменлейтуғынын жәриялады. Инфляцияның жоқары дәрежеси артта қалғанына исеним билдирилген ҳалда, тийкарғы процент ставкасы 50 базалық пункт — 4,75-5 процентке шекем түсирилди.
Бул 2020-жыл март айынан, ФТЗ коронавирус пандемиясы фонында экономиканың күшсизлениўин тоқтатыўға ҳәрекет еткен дәўирден берли бақланып атырған дәслепки сондай жағдай.
Шөлкем хабарнамасында мәлим етилиўинше, кейинги көрсеткишлер – экономикалық белсендилик исенимли пәт пенен өсиўде даўам етип атырғанынан дәрек береди. Жумыс орны көбейиўи төменледи. Жумыссызлық дәрежеси жоқарылады, бирақ инфляция 2 процентлик мақсетке қарай илгерилмекте.
«The New York Times» ставканы төменлетиў қарарын «әпиўайы емес исенимли қәдем» сыпатында тән алып, «орайлық банкирлер инфляцияға қарсы гүресте жеңиске ерискенин атап өтти. Соның менен бирге жағдайды «итибар мийнет базарын қорғаўға қаратылғанын анық аңлатыўшы сигнал» деп баҳалады.
Жоқары процент ставкасы экономиканы төменлетеди, жай сатып алыў яки бизнести кеңейтиў ушын қарыз процентин арттырады. Талапқа унамсыз тәсир көрсетеди, баҳаның өсиўине салыстырғанда басымды күшейтеди. Жумысқа қабыллаў процесин төменлетеди. Буны есапқа алған ҳалда, ФЗТ теңлик орнатыўға ҳәрекет етеди. Рәсмийлер баҳа кескин көтерилип, экономика кризиске бет буратуғын дәрежеге шықпастан, жумыссызлықтың норматив жағдайға қайтыўын тәмийинлеўге ҳәрекет етпекте.
Ш.Маматуропова, ӨзА