Егер видеохостинг Роскомнадзордың талабын орынламаса жақын арада Youtube блокланыўы мүмкин, деп ескертеди Мәмлекетлик думаның мәлимлеме сиясаты, мәлимлеме технологиялары ҳәм байланыслар бойынша комитети басшысының орынбасары Антон Горелкин.

«Instagramды блоклаў мәселесиндеги мәмлекеттиң қарары – бул анық сигнал болып есапланады. Егер видеохостинг мәлимлеме урысының қуралы сыпатында пайдаланыўды даўам еттирсе жақын күнлерде Youtube  пенен де тап сондай жағдай жүз береди» – деди Горелкин РИА Новостиге берген интервьюинде.

Оның айтыўынша, Россия ҳүкиметиниң Youtubeты блоклаўға себеплери жеткиликли. Платформа тәрипенен нызам бузыўшылықлардың дизими жүдә көп. Олар «нызамсызлық ҳәм нызам бузыўшылыққа қаратылған» материалларды блоклаўдан бас тартыў, Донбасста алып барылып атырған арнаўлы әмелият бойынша исенимсиз материаллар тарқатыў, сондай-ақ, россиялы пайдаланыўшылардың ҳуқықларын менсинбеў. Оның атап өтиўинше, буған жол қойыўға болмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги