Ташкентте «Суд тараўындағы гендер теңлик ҳәм ҳуқық үстинлигин тәмийинлеўде ҳаял судьялардың роли» темасында конференция болып өтти.

Олий Мажлис Сенаты, Жоқарғы суд, Судьялар кеңеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети, Омбудсман және Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда гендер теңликти тәмийинлеў бойынша пүткил дүньяда бақланып атырған тенденциялар халықаралық судлар системасында да өз көринисин таўып атырғаны атап өтилди.

БМШ Бас Ассамблеясының 2021-жыл 28-апрельдеги резолюциясы менен 10-март –  Халықаралық ҳаял судьялар күни сыпатында белгиленген.

Өзбекстанда да мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында, атап айтқанда, суд системасында ҳаял-қызлардың орны ҳәм роли артып бармақта.

Илаж Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ҳәм ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы елши Пьер фон Аркс мырзаның қутлықлаў сөзлери менен басланды.

Олий Мажлис Сенатының 2021-жыл 28-майдағы қарары менен «Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы» тастыйықланған болып, оған бола, 2030-жылға шекем судьялар арасында ҳаял-қызлардың үлесин 30 процентке көбейтиў белгиленген.

Итибарлы тәрепи, көплеген ҳаял судьялар әдил судлаў тараўына басшылық лаўазымларында нәтийжели мийнет етпекте. Соның ишинде, 5 ҳаял судьялар ўәлаятлық судлардың баслығы ҳәм баслықтың орынбасарлары лаўазымларында, 75 ҳаял болса Судьялар жоқары кеңеси, Жоқарғы суд ҳәм ўәлаят судларында судья лаўазымында, 20 ҳаял районлық, қалалық ҳәм районлараралық судларының баслығы лаўазымында жумыс алып бармақта.

Быйылғы оқыў жылында Жоқары судьялық мектебиниң магистратура басқышына қабыл етилген 76 студенттиң 16 сы ямаса 23 проценти ҳаял-қызлардан ибарат. Олардың көпшилик бөлеги сертификатларды қолға киргизип, таңлаўдан табыслы өткеннен соң, судьялық лаўазымына тайынланады ҳәм соның менен суд системасындағы гендер көрсеткиши сезилерли дәрежеде артады.

Илажда Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы Н.Умаров, Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы М.Қодирханова, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Ф.Эшматова, Өзбекстан Республикасы судьялары, илимпазлар ҳәм илимий хызметкерлер баянатлары менен қатнасты.

Додалаўда суд тараўындағы гендер теңликтиң жағдайы ҳәм алдағы режелер бойынша пикир-усыныслар, сырт елли ҳаял судьялар ассоциациялары ҳәм миллий ҳаял судьялар жәмийетин шөлкемлестириў шараятлары, сондай-ақ, елимизде суд тараўында әмелге асырылып атырған  гендер теңликке байланыслы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелий усыныслар орын алды.

Конференция жуўмағында әдил судлаў тараўында көп жыллар даўымында пидәкерлик пенен мийнет еткен бир топар ҳаял судьялар Сенаттың ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Конференция нәтийжелери бойынша ҳаял судьялар жәмийети пүткил Өзбекстан Республикасы әдил судлаў системасына мүрәжат жоллады.

Судьялар жоқары кеңеси жанындағы Судьялар жоқары мектебине қабыллаўда ҳаял-қызларға квота ажыратыў ҳәм өз үйинен ажыралып пайтахтқа келип оқыў мүмкиншилиги болмаған ҳаял-қызларға аралықтан билим алыў имканиятын жаратыў арқалы суд корпусында гендер турақлылықты тәмийинлеў бойынша усыныс киргизиледи.

Ҳәмиледар ҳәм жас өспирим перзентлери бар судья ҳаяллардың өзиниң денсаўлығына ҳәм шаңарағына жеткиликли ўақыт ажыратыў имканиятын жаратыў ушын жумыс жүклемесин 10 процентке шекем азайтыў нәзерде тутылмақта.

Судьялар жоқары кеңеси жанындағы ҳаял судьялар клубы тийкарында Ҳаял судьялардың жумысына байланыслы мәселелер менен шуғылланып, таллаў ҳәм изертлеўлер өткериў жолы менен усыныс ислеп шығатуғын турақлы жумыс ислейтуғын «Ҳаял судьялар жәмийети»н дүзиў сыяқлы мәселелер бойынша усыныслар берилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы