2022-2023-жыл оқыў жылынан мектеп питкериўшилериниң шаҳадатнамасындағы 11 жыллық тәлимниң кейинги 6 жыллық баҳалары ЖООға кириўдеги балға қосылады.

Баҳалар электрон платформалар арқалы есапланады ҳәм МТОның «ABITUR» 6-11-класлардағы ямаса 6-9-класслар ҳәм 1-2-класс басқышлардағы жыллық баҳалардың улыўма жыйындысын оқытылған пәнлерге бөлиў арқалы шығарылады.

Максимал балл 100 процент деп алынады ҳәм баллар баҳа системасына төмендегише өткериледи:

– 86-100 процент ушын – 5 баҳа;

– 71-85 процент – 4 баҳа;

– 56-70 процент – 3 баҳа ҳәм 56 процентке шекем- 2 баҳа.

Қарақалпақстан хабар агентлиги