Усы жылдың 16-март күнинен Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында еки тәреплеме турақлы халықаралық автобус жөнелислеринде қатнаўлар қайта тикленеди. Бул ҳаққында Өзбекстан Транспорт министрлиги хабар берди.

Мәлим болыўынша, сондай-ақ, Қазақстан Республикасы арқалы Россия Федерациясы ҳәм Қырғызстан Республикасына транзит автобус тасыўларын шөлкемлестириў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы халықаралық автобус қатнаўлары коронавирус пандемиясы себепли 2020-жыл 16-март күни тоқтатылған еди.

Хабарда жазылыўынша, 2022-жыл 16-марттан тасыўшылар тәрепинен Ташкент-Нурсултан, Ташкент-Алматы, Ташкент-Қызылорда, Ташкент-Түркистан, Ташкент-Иргели, Шыршық-Шымкент, Шыршық-Алматы жөнелислеринде қатнаўларды әмелге асырыў жобаластырылған.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.