Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, O’zLiDeP фракциясының басшысы Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң баслығы Актам Хаитов Хожели районындағы «Ғафур Ғулам шарўа» фермер хожалығының жумыслары менен танысты.
Елимизде соңғы жыллары барлық тараўлар сыяқлы аўыл хожалығы, соның ишинде фермерликти раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Усының нәтийжесинде көп тармақлы фермер хожалықларының саны жылдан-жылға артып бармақта. Хожели районынан жас исбилермен Ғулам Матмуратов дерлик еки жылдан берли шарўашылық пенен шуғылланып келмекте.
-Шарўашылыққа қәнигелестирилген фермер хожалығымызға Нидерландия ҳәм Австрия мәмлекетлеринен нәсилли қарамалларды алып келдик,–дейди фермер хожалығының баслығы Ғулам Матмуратов.-Бүгинги күнге келип олар 400 басқа жетти. Бизиң тийкарғы ўазыйпамыз, нәсилли маллардың бас санын көбейтиў, сол арқалы халықты арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў болып табылады.
Бүгинги күни бул жерде 15 адам турақлы жумыс орны менен тәмийинленген. Малларды республикамыздың климат шараятына бейимлестириў, қәнигелестириў, туқымландырыў бойынша ветеринария шыпакери ҳәм арнаўлы ветеринария дәриханасы ислеп тур.
Маллардан ҳәр күни саўып алынған сүт фермер хожалығы жанындағы «Рич милок» цехында қайта исленеди. Цехта 7 түрдеги сүт өними ислеп шығарылып, халыққа арзан баҳаларда сатылмақта.
Партия жетекшиси фермер хожалығының жумыслары менен жақыннан танысар екен, фермерликти раўажландырыў бойынша өзиниң баҳалы пикир-усынысларын билдирди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы