Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары өз жумысын «санлы бажыхана» принципи тийкарында әмелге асырыўы нәтийжесинде, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестирилиўи процесслериниң әпиўайыластырылыўы, оларға кететуғын ўақыттың қысқарыўы менен бир қатарда сапа дәрежесиниң артыўына алып келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен быйылғы жылдың январь-февраль айларында улыўма баҳасы 57,3 миллион АҚШ доллары муғдарындағы өним экспорт бажыхана режиминде рәсмийлестирилген болса, 36,4 миллион АҚШ долларына тең өним импорты әмелге асырылды.

Улыўма баҳасы 93,7 миллион АҚШ долларын қурайтуғын Қарақалпақстан Республикасының сыртқы саўда айланысының 61 проценти товарлардың экспортына туўра келеди. Сондай-ақ, усы дәўир аралығында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен 48 миллиард 44 миллион сумлық бажыхана төлеми мәмлекет бюджетиниң есабына өткерилиўи тәмийинленди.

Басқарма тәрепинен еки ай даўамында сыртқы экономикалық хызмет қатнасыўшыларына әмелдеги нызамшылықлар тийкарында жәми 50 миллиард 109 миллион сум муғдарында бажыхана төлеминен жеңиллик қолланылды.

Соның менен бирге, усы дәўирде бажыхана тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 118 нызам бузыўшылық жағдайы анықланып, баҳасы 1 миллиард 648 миллион сумлық товар-материаллық байлық айғақлы дәлил сыпатында услап қалынды. Соннан 7 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды. Басқарманың тийисли бөлимшелери тәрепинен басқа ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте контрабанда  ҳәм нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бағдарында бир қатар илажлар өткерилди.

Атап айтқанда, 2043,8 грамм «опий» нәшебентлик ҳәм 26,65 килограмм  «симоб», күшли тәсир етиўши затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде 649 дана таблетка анықланды. Сондай-ақ, диний экстремизм, фанатизмди үгит-нәсиятлаўшы әдебиятлардың республикамыз аймағына алып келиниўиниң алды алынды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы