Жаӊаланыў ҳәм жасарыў пасылы болған бәҳәр байрамлар менен толы. Әсиресе, улыстыӊ уллы күни есапланған Наўрыз байрамын республикамыздыӊ барлық халқы үлкен қуўаныш ҳәм жақсы нийетлер менен күтип алады.

Бүгин республикамыздыӊ бир қатар аймақларында Наўрыз салтанатлары баслап жиберилди. Атап айтқанда Кегейли районы орайында жайласқан “Мәденият” мәкан пуқаралар жыйыны халқы да “Қәдирият, үрп-әдет, дәстүр ҳәм жаслар” сүрени астында 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде байрам илажларын көтериӊки кейпиятта белгилеп өтти.

Аймақ нураныйлары, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасқан байрамда салтанатында райондағы 2-сектор баслығы, район прокуроры Қ.Бекмуратов ҳәм аймаққа бириктирилген  Әндижан ўәлаятының Алтынкөл районы ҳәкимлигиниӊ жуўапкер ўәкиллери де шығып сөйлеп, жыйналғанларды Наўрыз байрамы  менен қызғын қутлықлады.

Халқымыздыӊ неше әсирлерден бери сақланып киятырған қәдирият, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлери көрсетилген бул байрам илажында аймақ халқы ҳәм мийманлар шадлы мәўритлерди бастан кеширип, кеўилли ҳәм мазмунлы дем алды.

Сондай-ақ, усындай Наўрыз салтанатлары Шымбай районындағы «Көкши қала» мәкан пуқаралар жыйынында да болып өтти.

Оған район ҳәкими Айбек Тажетдинов қатнасты ҳәм аймақ халқын Наўрыз байрамы менен қутлықлап, байрам сейилинде бирге болды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы