Төрткүл районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң депутатлары ҳәм бес сиясий партия басшыларының қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы ҳәм тәбиятты қорғаў мәселелери комитетиниң баслығы Д.Утамбетов, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисовлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған реформалар, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының мазмун-мәниси ҳәм онда белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берилип, депутатлардың жумысларын және де жанландырыў  бойынша мәселелер додаланды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы депутатларының «Әҳмийетли 10 күнлик» акциясы шеңберинде әмелге асырылатуғын ўазыйпалар түсиндирилди. Атап айтқанда, усы жойбар шеңберинде депутатлар белгиленген графикке муўапық, сиясий партиялардың басшылары менен келисилген ҳалда өзлери сайланған аймақларда сайлаўшылар менен ушырасыў өткериўи ҳәм халық пенен және де жақынырақ болып, сайлаўшыларға орынлаған жумыслары ҳаққында есап бериўи режелестирилген.

Сондай-ақ, халық пенен бирге аймақлардағы абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына қатнасып, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде мийўели ҳәм саяманлы тереклерди егиўде өз үлеслерин қосыўы белгиленген.

Усындай ушырасыўлар Әмиўдәрья, Беруний, Елликқала районларында да шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги