«Салық ҳәкимшилиги жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН–758, 11.03.2022 ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске қосымшалар киргизилди.

Оған бола, салық есабатын өз ўақтында тапсырмаў ҳәм салық және жыйымларды төлеў ушын төлем тапсырмасын хызмет көрсетип атырған банкке усынбаў ямаса өз ўақтында усынбаў Салық уйымларының Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы атап өтилген ҳалда юридикалық тәрептиң басшы ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменниң ҳәкимшиликке жуўапкершиликке тартылыўына тийкар болады.

Сондай-ақ, товарлар ҳәм көрсетилип атырған хызметлер ушын нақ пул қаржылары менен ямаса пластикалық карточкалар бойынша есап-санақ түрине қарап, олардың баҳаларын жасалма түрде арттырыў ямаса төменлетиў БЕМның 30 есеси (8 млн 100 мың сум) муғдарында жәрийма  салыўға себеп болады.

Нызам менен Салық кодексине салық қадағалаўын әмелге асырыўға байланыслы ҳәрекетлердиң қалыслығын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер киргизилди.

Оған бола, Салық қадағалаўын әмелге асырыўға байланыслы ҳәрекетлердиң қалыслығы видеокөриниске алыў қурылмаларынан пайдаланыў жәрдеминде, бундай имканият болмағанда қалыслардың қатнасыўында әмелге асырылады.

Видеокөринис жазып алыў тоқтаўсыз ҳәм избе-из түрде алып барылады. Видеокөринис материалларының көширме нусқасы салық төлеўшиге ямаса оның ўәкилине салық қадағалаўына байланыслы илажлар жуўмақланғаннан кейин бериледи.

Нызамшылықта видеокөринис қадаған етилген жағдайларда ямаса қалыслар салық қадағалаўын әмелге асырыўға байланыслы ҳәрекетлерге мәжбүрий тәртипте тартылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги