Баку Россия ҳәм Украина арасында ушырасыў өткерилиўине таяр, деп мәлим етти Әзербайжан Президентиниң жәрдемшиси Ҳикмат Ҳожиев.

«Риа Новости» агентлигиниң мәлим етиўинше Ҳикмат Ҳожиев Анталияда болып өткен дипломатиялық форумда еки тәреплеме ушырасыўға Әзербайжан пайтахты Баку қарым-қатнас майданын жаратыўға таяр екенин атап өткен.

Ол, қалаберсе, Баку Россия-НАТО делегациялары арасында болып өткен бир қатар ушырасыўларда қарым-қатнас майданы ўазыйпасын өтегенин еследи, бул бағдарда тәжирийбе жоқары екенин айрықша атап өтти.

– Украина тәрепинен усындай усыныс болған еди. Биз бундай ушырасыў өткериўге орын ажыратыўға таярмыз, бурын Бакуде Россия ҳәм НАТО делегациялары арасында да ушырасыў болып өтетуғын еди, -деген президент жәрдемшиси. – Билесиз, Әзербайжан НАТОға ағза емес, керисинше, Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкеминиң (КҚШШ) ағзасы, Қосылмаў ҳәрекетине де басшылық етти. Солай екен Баку еки тәреп ушын өзи дурыс деп билген усынысты бермекте.

Ҳикмат Ҳожиев өз сөзинде Әзербайжан тәреплерди қоллап-қуўатлаўға таяр екенин қосымша еткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги