Президентимиздиң тийисли қарарларына муўапық, елимизде заманагөй ыссылық электр станциялары қурылып, басқышпа-басқыш иске қосылмақта.

Усы жылдың өткен үш айы даўамында мәмлекетимиздиң 3 ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 684 МВт болған 3 жаңа ыссылық электр станциясы иске қосылды. Бул ҳаққында Энергетика министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.

Бириншиси, усы жылы 11-январь күни Бухара ўәлаятының Бухара районында қуўатлылығы 270 МВт болған газ-поршенли ыссылық электр станциясы, екиншиси, 14-январь күни Ташкент ўәлаятының Қибрай районында қуўатлылығы 240 МВт болған пуў-газ қурылмасы ҳәм үшиншиси, 10-март күни Хорезм ўәлаятының Янгиариқ районында қуўатлылығы 174 МВт болған жаңа ыссылық электр станциясы болып есапланады.

Бул электр станциялары жылына 5 миллиард 600 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарады. Қурылмалардың энергияны үнемлеўи есабынан жылына 725 миллион метр куб тәбийғый газдиң үнемлениўине ерисиледи.

Үнемленген тәбийғый газ есабынан қосымша 2 миллиард 700 миллион киловатт-саат электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылады.

Мағлыўмат орнында, март айының ақырына шекем Ташкент ўәлаятының Қибрай районында қуўатлылығы 230 МВт болған гезектеги, яғный 4-ши жаңа ыссылық электр станциясы иске қосылады.

ӨзА