Өткен жылдың сентябрь айынан баслап Өзбекстанда Antiplag.uz системасы толық иске түсирилди.
Antiplag.uz – Өзбекстандағы текстли плагиатларды анықлаў бойынша дәслепки ҳәм ең жақсы система болып табылады. Плагиатқа қарсы гүресиў ушын бул система жәрдеминде жасалма интеллектке тийкарланған қурамалы алгоритмлер жәрдеминде плагиат, қайта тәкирарланған ҳәм мазмуны жағынан өзлестирилген текстлерди анықлаўға болады.
Antiplag.uz пайдаланыўшыларға өз авторлық ҳуқықын қорғаўға жәрдем береди. Яғный дипломлар, диссертациялар, илимий мақалалар ҳәм ҳәр қыйлы есаплардағы тиккелей көшириў жағдайларын анықлап, авторлық ҳуқықларының бузылмаўын тәмийинлейди.
Системаның баслы мақсети – билимлендириў тараўындағы контентлердиң оригиналлығын үгит-нәсиятлаўдан ибарат болып есапланады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.