2022-жыл 1-апрельден баслап бағыўшысын жойытқан ҳаял-қызлардың перзентлери мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине төленетуғын ата-аналар төлеминен азат етиледи.
Президенттиң усы жылы 10-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 3 жасқа шекемги перзентлери ушын мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине Мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар белгиленген тәртипте ажыратылады.
Толық қуўатлылық пенен ислемей атырған мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине 2 жастан 3 жасқа шекемги балаларды төлемли хызмет көрсетиў түринде қабыл етиўге руқсат бериледи.
Сондай-ақ, кешки сменада ҳаял-қызлар ислейтуғын кәрхана ҳәм шөлкемлер өзиниң мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестирсе, олардағы тәрбияшылардың мийнет ҳақысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи.
ӨзА