Көмир урылары анықланды

243

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Нөкис районлық бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде социаллық тараў объектлерин ысытыў ушын жеткерип берилген көмирди талан-тараж етиў жағдайы анықланды.

Соның ишинде, мәмлекетлик -жеке меншик шериклик келисимине тийкарланып көмир жеткерип бериўши “N.A.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетте тараў объектлерин ысытыў ушын жеткерип берилген көмир өлшеўден өткерилгенинде, усы жәмийеттиң жуўапкер шахслары улыўма баҳасы 1 миллиард сумлық жәми 2 мың 514 тонна көмирди талан-тараж еткенлиги анықланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

                                                                                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги