Президентимиздиң усы жылы 10-марттағы «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды системалы қоллап-қуўатлаўға байланыслы жумысларды буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2022-жыл 1-сентябрьден баслап бюджет шөлкемлеринен тысқары барлық юридикалық тәреплерде кейинги 6 ай даўамында үзликсиз жумыс стажына ийе болған ҳаял-қызларға ҳәр ай ушын минимал тутыныў қәрежетлери муғдарынан келип шығып, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақасы төленеди.

Сондай-ақ, ҳаял-қызларға билим алыўы ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап жоқары билимлендириў мәкемелери, техникум ҳәм колледжлерде, соның ишинде, сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түринде оқып атырған ҳаял-қызлардың тәлим контрактлерин төлеў ушын 7 жыл мүддетке процентсиз тәлим кредитлери ажыратылады.

Усы ҳүжжетке тийкарланып 2022-жыл 1-сентябрьге шекем мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратура басқышына төлемли-контракт тийкарында қабыл етилген ҳәм билим алып атырған ҳаял-қызлардың контракт төлемлери 2022-жыл 1-октябрьге шекем төлеп бериледи.

Сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарламалары бойынша-50, магистратура тәлим бағдарламалары бойынша – 10 ҳаял-қызға ҳәр жылы «Эл-юрт умиди» қоры арқалы қосымша грантлар ажыратылады.

ӨзА