Ҳәзирги ўақытта орынларда Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институты ҳәм оның Қарақалпақстан аймақлық орайы илимпазлары тәрепинен шор жуўыўға жумсалып атырған суўлардың муғдарын өлшеў бойынша тәжирийбе өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министриниң орынбасары Р.Қаршиев, Жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў басқармасының баслығы Қ.Мурадов Хожели районындағы тәжирийбе өткерилип атырған атызларда болып, әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Илимпазлар, суўшылар ҳәм фермерлер менен сәўбетлесип, аймақларда суўлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша үгит-нәсият ҳәм түсиник жумысларын күшейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирип, бунда илимпазлардың илимий тәжирийбелери ҳәм тийкарланған усынысларынан пайдаланыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

– Илимий-изертлеў жумысларын өткериў ушын 3 түрли шараяттағы атызлар таңлап алынды,-дейди Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институтының директоры А.Уразкелдиев. – Бул изертлеўлерди өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет – шор жуўыўға жумсалатуғын суўдың муғдарын анықлаў, салыстырмалы түрде азлаў суў менен де көбирек майданларды суўғарыў бойынша фермерлерге илимий тийкарланған усынысларды бериў болып есапланады.

Үйрениў жумыслары алып барылып атырған атызлардың бириншиси лазер үскенеси жәрдеминде тегисленген, екиншиси әпиўайы усылда қайта тегисленген ҳәм үшиншиси тегис емес атызда дәстүрий усылда шор жуўыўға жумсалып атырған суўды өлшеп, есап-санағын алып бармақтамыз. Суў жумсалыўын өлшеў тәжирийбесинде жуқа дийўаллы «Чиполетти-50» суў өлшеў қурылмасынан пайдаланылмақта.

Сутка даўамында атызға түсип атырған суў ҳәр саатта өлшенип, жазып барылды. Дәслепки мағлыўматларға бола, лазер үскенеси менен тегисленген атыздың 1 гектарлық майданына 1,5-2 мың куб суў жумсалған болса, әпиўайы тегислегиште тегисленген майданда 2,5-3,5 мың кубқа шекем, ал улыўма тегисленбеген атызларда 3,5-4,5 мың кубқа шекем суў жумсалатуғынлығы бақланды.

Тәжирийбени үйрениў процесинде ҳәр бир атызда топырақтың шорланыў дәрежесинен келип шығып, шор жуўыўға жумсалатуғын суў муғдары, суўғарыў нормалары бойынша усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги