Ҳүкимет комиссиясының Ташкент қаласындағы қоймаханада жүз берген айрықша жағдай себеплерин үйрениў, көрилген зыянларды сапластырыў ҳәм жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мәлимлемеси.

Усы жылдың 28-сентябрь күни Ташкент қаласы, Сергели районында жайласқан «Interlogistics» ЖШЖ жанындағы қоймаханада жүз берген өрт ҳәм жарылыў ақыбетлерин үйрениў ҳәм сапластырыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмаларына тийкарланып шөлкемлестирилген Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен төмендеги илажлар көрилди:

Айрықша жағдай ақыбетинде улыўма жәбирленгенлер саны 163 ти қураған болып, олардың 150 и жеңил ҳәм 13 и аўыр дене жарақатын алған. Бир жас өспирим пуқара алған дене жарақатлары нәтийжесинде қайтыс болған.

Жарақатланғанлардың 24 и емлеўханаға жатқарылып, оларға тийисли медициналық ҳәм психологиялық жәрдем көрсетилген. Қалған 138 и амбулатор емлениўге жиберилген. Ҳәзирги ўақытта жарақатланған барлық пуқаралардың денсаўлығы тикленип, үйине рухсат берилген.

Халықтың машқалаларын жедел сапластырыў мақсетинде «1205» қысқа санлы «Call-centеr» шөлкемлестирилди. Орайға 450 ден аслам мүрәжат келип түскен ҳәм бәршеси унамлы шешилген.

400 мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери жеткерилди ҳәм олардың 100  ер жетпеген перзентлерине материаллық жәрдем көрсетилди.

Айрықша жағдай ақыбетинде 39 көп қабатлы турақ жайлардағы 1370 шаңарақ ҳәм 246 жердеги турақ жайдың фасад, терезе, есик ҳәм төбе бөлегине зыян жеткерилген ҳәм улыўма зыян муғдары 14,5 миллиард сумды қурамақта.

Айрықша жағдай нәтийжесинде аймақтағы 305-санлы улыўма билим бериў мектеби (1250 орынға ийе) ҳәм 600-санлы бақшаның (720 орынға ийе) айна-терезелери, есик ҳәм фасад бөлегине зыян жеткен.

Ҳәзирги ўақытта бул объектлерге жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем бириктирилип, қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.

Комплексли суд экспертиза, тергеў ҳәм суд процесслери жуўмақланғаннан кейин, анықланған зыян муғдары айыпкер деп табылған жуўапкерден нызамшылықта белгиленген тәртипте толық өндирип алынады.

Айрықша жағдай себеплерин үйрениў процесинде өрт басланған жерде ҳәм жарылыў ошағы металл ҳәм «сэндвич» панельлерден қурылған қоймаханада жүз бергени анықланды. Өрт ҳәм жарылыў ақыбетинде қоймахананың металл конструкциялары деформацияға ушырап, қулап түскен.

Өрт жүз берген қоймаханада үлкен муғдарда химиялық элементлер, қурылыс ҳәм басқа да өнимлер белгиленген талапларға әмел етпей аралас ҳалда сақланып келинген.

Ҳәдийсе орнынан алынған үлгилер тийкарында өткерилген химиялық изертлеўлер нәтийжесинде полиэфирлер, ксилол, углеводородлар, натрий гидроксид, водород пероксиди, этилен гликол ҳәм жоқары молекуляр карбон кислота эфирлери сыяқлы химиялық элементлер бар екени анықланды.

Бул элементлер қоймаханада сақланып атырған водород пероксиди, алкид смоласы, алкилбензосульфон кислотасы, латех, полиэфир смоласи, каустикалық сода элементлери ҳәм лак өнимлериниң структуралық бөлеклери болып, өрт ҳәм жарылыў қәўпи жоқары есапланады.

Ҳәдийсе орны үйренилгенде әйне водород пероксиди сақланған орын жанында гүл қағазлар ҳәм басқа да жанатуғын материаллар сақланғаны анықланды.

Үйрениў нәтийжесине бола, қоймаханада сақланып атырған химиялық элемент ҳәм материаллардың өз-ара тәсирлениўи ҳәм химиялық өз-өзинен жаныўы жүзеге келип, жарылыў жүз берген.

Жағдай бойынша Ишки ислер министрлиги Тергеў департаменти тәрепинен Жынаят кодексиниң 259-статьясы 2-бөлими «а» ҳәм «б» бәнтлери менен жынаят иси қозғатылған.

Жынаят иси бойынша 4 шахсқа «қамаққа алыў», биреўине «гиреў» ықтыят шарасы қолланылған.

Ҳәдийсе жүз берген қоймахана аймағында 12 атқарыўшы компанияның үлкен муғдардағы ҳәр қыйлы номенклатурадағы товарлар сақланғаны ҳәм жынаят иси шеңберинде қәнигелер тәрепинен бир неше түрдеги экспертиза изертлеўлери (судқа байланыслы химиялық, өрт-техникалық, жарылыў, товартаныў, қурылыс ҳәм т.б.) өткерилип атырғаны ушын өрт ҳәм жарылыў себеплери, сондай-ақ, жеткерилген зыян муғдары бойынша жуўмақлаўшы шешимге келиў белгили ўақытты талап етпекте.

Бундай кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен орынларда өндирис кәрханалары ҳәм қоймаханаларда сақланып атырған химиялық элементлер, тез жанатуғын ҳәм жарылыў қәўпи жоқары болған өнимлер хатлаўдан өткерилмекте.

Дәслепки үйрениў нәтийжелеринен келип шығып, мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен келешекте бундай айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған комплексли илажлар режеси ислеп шығылмақта.

Жағдай бойынша комплексли суд экспертиза жуўмақлары ҳәм тергеў нәтийжелерине бола жуўмақлаўшы шешим қабыл етиледи.

ӨзА