«Қарақалпақгидромет» орайының мағлыўматларына қарағанда, бүгин 22-декабрь күни елимизде 2017-жылдың ең узақ түни ҳәм ең қысқа күни болыўы күтилмекте.

Мысалы, пайтахтымыз Нөкис қаласында 2017-жылдың 21-декабринде азанғы саат 8 ден 27 минут өткенде күн шыққан болса, кешки саат 17 ден 32 минут өткенде батты, ал, 2017-жылдың 22-декабрь сәнесинде күн саат 8 ден 28 минут өткенде шыққан болса, 17 ден 32 минут өткенде бататуғыны көрсетилген. Күнниң узақлығы 9 саат 4 минут.

Енди күн узайып, түн қысқара баслайды. Бул процесс бәҳәрге шекем даўам етип, келеси жылдың 21-март сәнесинде күн-менен түн теңеседи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги