Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында «Корея кино күнлери»ниң ашылыў мәресими болып өтти.

Корея Республикасының Өзбекистандағы елшиханасының басламасы менен еки күн даўамында өткерилетуғын усы илаж шеңберинде кореялы кино дөретиўшилери тәрепинен сүўретке алынған бир неше көркем ҳәм мультфильмлер қарақалпақстанлы кино ықласбентлериниң итибарына усынылады.

Корея ҳәм Өзбекистан Республикалары арасындағы барған сайын раўажланып ҳәм беккемленип баратырған дипломатиялық байланыслардың орнатылғанына жигирма бес жыл толыў мүнәсибети менен өткерилип атырған мәдений илажлар шеңберинде шөлкемлестирилген бул «Корея кино күнлери»ниң ашылыўына бағышланған салтанатлы мәресиминде Корея Республикасының Өзбекистандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси  Квон Ён У, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, еки мәмлекет арасындағы кең жолға қойылған мәдений байланыслар буннан былай да раўажланыўы ушын хызмет ететуғын бундай көркем өнер байрамларының әҳмийетине тоқтап өтти.

Кино күнлери «Пороро: кибер аралықтағы саяхат» мультфильми менен басланды. Балаларға арналған бул мультфильм Кореяда үлкен абыройға ийе болған «Пороро» сериалының кинотеатрлар ушын ислеп шығылған үшинши толық метражлы картина болып табылады. Ол дәслепки прокаттан соң 160 мыңнан аслам ықласбентлерди өзине тарта алған картина болып, бириншиликти қолға киргизди. Бул мультфильм дәслеп 2003-жылы «Кишкене пингвин Пороро» атамасы менен Корея телевидениесиниң балалар каналында көрсетилип, үлкен табысқа ерискен еди. Кейин ала, бул картина Япония, Қытай, Франция киби жүзден аслам еллерде үлкен қызығыўшылық пенен тамаша етилди.

– Корея кинофестивалы күнлеринде нәзеримизге усынылған фильмлерди тамашалап, бул халықтың мәденияты, үрп-әдетлери ҳәм қәдриятлары ҳаққында жүдә көп мағлыўматларға ийе болдық, – дейди Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети химия технологиясы факультетиниң екинши курс студенти Сраж Артықбаев. – фильмлерде көтерилген мәселе Ўатанға муҳаббат, адамлар арасындағы мийрим-шәпәәт, жасы үлкенге ҳүрмет-иззет сыяқлы ағла пазыйлетлер ҳәр биримизди толқынландырып жиберди.

Илаж шеңберинде көрсетилген екинши фильм он бес жастан үлкен адамлар ушын мөлшерленген «Тек сен» картинасы болып, онда көзи әззи сүйген қызын емлетиў ушын бары-жоғынан кешиўге таяр турған боксшы жигиттиң муҳаббаты сәўлеленген. Бул көркем фильм 2010-жылы өткерилген «Он алтыншы Пусан кино фестиваль»ын ашып берген еди. Ондағы бас роллерди Кореяның атақлы киноактёрлары Со Ли Сон ҳәм Хан Хио Жи шеберлик пенен атқарып шыққан.

Кино байрамында көрсетилип атырған және бир көркем фильм-«Жетинши камерадағы кәрамат» деп аталады. Ислемеген жынаяты ушын қамаққа түскен майып ағасын көриў нийетинде жасырын жол менен қамақханаға кирген кишкене қыздың ҳәрекети арқалы аға-қарындас арасындағы меҳир-муҳаббат, туўысқанлық пазыйлетлери өз сәўлелениўин табады.

«Корея кино күнлери» жерлеслеримизде үлкен қызығыўшылық оятып, фильмлерди тамашалаған ықласбентлер илаждан үлкен тәсир алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги