Ҳүкимет қарары менен (912- санлы, 18.11.2019 ж.) Өзбекстан Республикасының Мәмлекет шегарасы арқалы шахслар, транспорт қураллары ҳәм товарларды өткериў пунктлеринде шегара, бажыхана, санитариялық-карантин, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаўдан өткериў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды, деп жазады «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Режеге муўапық, Мәмлекет шегарасы арқалы өтетуғын барлық шахслар, транспорт қураллары ҳәм товарлар шегара, бажыхана, санитариялық-карантин, сондай-ақ, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаўға тийисли болса, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаўдан өткериледи.

Артықша әўерегершиликлердиң алдын алыў мақсетинде мәмлекетлик қадағалаў уйымлары тәрепинен өткериў пунктинде айдаўшылар, товарлар ҳәм транспорт қуралларының қадағалаў тәртип-принциплеринен өткерилиўи «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасы тийкарында әмелге асырылады.

Режеде өткериў пунктлеринде автотранспорт қуралларының болыў ўақты анық белгиленди.

Яғный, автотранспорттың өткериў пунктинде болыў ўақты оның түри ҳәм өткериў пунктиниң техникалық жағдайына қарап төмендеги мүддеттен артық болмаўы керек:

  • жеңил автотранспорт қураллары – 15 минут;
  • жүк автотранспорт қураллары – 30 минут.

Онда, автотранспорттың ҳәр бир мәмлекетлик қадағалаў уйымлары тәрепинен тийисли тәртип-принциплерден өткерилиў ўақты Өзбекстанға кириўде төмендегише белгиленген:

  • санитариялық-карантин қадағалаўы (айдаўшы санитариялық қадағалаўынан өткериледи) – 3 минут;
  • шегара қадағалаўы (Мәмлекет шегарасын кесип өтиў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлердиң бар екенлиги ҳәм паспорт тексериледи) – 4 минут;
  • бажыхана қадағалаўы (айдаўшы, товарлар ҳәм автотранспорт қуралы бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўден өткериледи) – 15 минут;
  • фитосанитариялық қадағалаў (алып өтилип атырған товар фитосанитариялық қадағалаў объекти болса, фитосанитариялық қадағалаўдан өткериледи) – 4 минут;
  • ветеринариялық қадағалаў (алып өтилип атырған ветеринариялық қадағалаў объекти болса, ветеринариялық қадағалаўдан өткериледи) – 4 минут.

Режеде, сондай-ақ, қандай жағдайларда қадағалаў тәртип-принципинен өтиў ўақты белгиленген нормалардан артық болыўы мүмкин екенлиги көрсетилген.

Соның ишинде, өткериў пунктинде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик қадағалаў уйымлары нызам бузыўшылық жағдайларын анықлағанында қадағалаўдан өтиў ўақты белгиленген мүддеттен артық болыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги