Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының Контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығының бузылыўына қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен жолаўшы поездлары арқалы республикамыз аймағына көп муғдардағы  товар-материаллық байлықлардың нызамсыз алып келиниўиниң  алдын алыў бойынша кең көлемдеги илажлар әмел асырылмақта.

Атап айтқанда, «Тақыятас» темир жол станциясы арқалы республикамызға кирип келген «Бейнеў-Нөкис» жөнелисинде жолаўшы поезды көзден өткерилгенде, пуқаралар Т.Б ҳәм Т.А тәрепинен улыўма баҳасы 47 миллион сумлық  аспа потолок материалын алып киятырғаны мәлим болды. Бажыханашыларды шалғытыў, усы арқалы бажыхана төлемлеринен бас тартыў мақсетинде бул пуқаралардың қурылыс материалларын вагондағы басқа жолаўшыларға бөлистирип бергенлиги анықланды.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 6-февраль күнги «Физикалық шахслар тәрепинен бажыхана шегерасы арқалы товарларды алып өтиўди буннан былай да тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен  товарларды алып кириўдиң бажыхана төлемлери өндирилмейтуғын шекленген нормалары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик шегерасындағы темир жол ҳәм дәрья өткериў пунктлери арқалы бажыхана шегерасын кесип өткенде-1000 (бир мың) АҚШ доллары муғдарында тастыйықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.