Бизге белгили, усы жылдың 22-июнь күни БМШ Бас Ассамблеясының жалпы мәжилисинде «Орайлық Азия регионында тынышлық, турақлылық ҳәм избеиз раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў» резолюциясы қабыл етилди. Өзбекстан тәрепинен Орайлық Азия мәмлекетлери менен биргеликте ислеп шығылған бул ҳүжжеттиң жойбарын БМШқа ағза барлық еллер бир даўыстан қоллапқуўатлады.

Халықаралық пресс-клубтың «БМШтың Орайлық Азия бойынша биринши резолюциясы: өзбек дипломатиясының тарийхый жетискенлиги» темасындағы гезектеги сессиясында усы резолюцияның қабыл етилиў процеси, мазмун-мәниси ҳаққында сөз болды. Оған сенаторлар, Сыртқы ислер министрлиги, дипломатиялық корпустың ўәкиллери, экспертлер қатнасты.

Бул резолюция Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йоркта болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының  72-сессиясында илгери сүрилген басламаның әмелий нәтийжеси болып табылады.

Орайлық Азия дүньядағы ең жас регионлардан бири болып табылады. Бул резолюцияда әйне усы регионның барлық мәмлекетлери, сондай-ақ, Аўғанстанның позициясы, қатнаслары үйлесимли сәўлелениўин тапқан.

БМШтың мағлыўматларына бола, соңғы 10 жыл даўамында Орайлық Азия мәмлекетлери жалпы ишки өниминиң жыллық өсими орташа 6,2 процентти қураған болса, пүткил дүньяда бул көрсеткиш 2,6 процентке тең. Бул болса Орайлық Азияның перспективалы регион екенин билдиреди.

ӨзАның хабаршысы әнжуманның айырым қатнасыўшылары менен сәўбетлести.

Содиқ САФОЕВ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының биринши орынбасары:

– Өзбекстан Орайлық Азиядағы барлық мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы қатнасықларды раўажландырыў ушын исенимли, анық қәдемлерди тасламақта. Елимиздиң регион бойынша жаңа сиясат жүргизе баслағаны бул жерде жыйылып қалған мәселелерди шешиў жолында өз ўақтында қойылған нәтийжели қәдем болды, деп ойлайман. Усы көзқарастан бул резолюция арқалы Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўдиң жеделлесиўи региондағы сиясий орталықты түп-тийкарынан өзгертиў, конструктивлик бирге ислесиў орнатыў ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын беккемлеўге тийкар жаратады.

Европа, Арқа ҳәм Қубла Америка, Азия ҳәм Африканың 55 мәмлекети усы резолюцияның жәрдемши авторлары болды. Ҳүжжетти ислеп шығыў бойынша мәсләҳәтлесиўлерде Орайлық Азияның барлық жетекши шерик мәмлекетлери, соның ишинде, Россия, Қытай, АҚШ ҳәм Европа Аўқамы еллери жедел ҳәм конструктив қатнасты. Бул Орайлық Азияның бир тутас регион сыпатында раўажланыўында әҳмийетли басқыш екенине гүман жоқ.

Владимир НОРОВ, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионларарлық изертлеўлер институтының директоры:

– Ҳүжжетте регион еллери тәрепинен Орайлық Азияда турақлылықты ҳәм экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлер менен басламаларды БМШ Бас Ассамблеясы қоллап-қуўатлайтуғыны билдириледи. Регионның тийкарғы машқалалары бойынша Орайлық Азиядағы 5 мәмлекеттиң улыўма позициясы белгиленген. Атап айтқанда, Орайлық Азияда қәўипсизликти беккемлеў, суў ҳәм энергия дәреклеринен өнимли пайдаланыў, экологиялық машқалаларды шешиў, транспорт ҳәм транзит системасын раўажландырыў сыяқлы тараўларда регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлиги атап өтиледи.

Бүгинги күнде Орайлық Азияда турақлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў ушын барлық зәрүр шараят бар. Жоқары технологияға тийкарланған өндиристи буннан былай да раўажландырыў, агросанаат секторы ҳәм туризм тараўын жетилистириў, экономиканың реал секторына ири сырт ел инвестицияларын тартыў ушын үлкен потенциал бар. Усы жерде өткен бир-еки жыл даўамында әйне Орайлық Азия мәмлекетлери арасында өз-ара саўда айланысы 20-30 процентке артты. Айырым қоңсылас мәмлекетлер арасында болса бул көрсеткиш 70 процентке шекем өскенин атап өтиў керек.

Абдужаббор АБДУВОҲИДОВ, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң ректоры:

– Усы резолюцияның бир даўыстан қабыл етилиўи Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған ашық-айдын ҳәм конструктив сыртқы сиясат себепли Орайлық Азияда қәлиплескен пүткиллей жаңа, өз-ара исеним орталығы халықаралық көлемде кеңнен тән алынып атырғанынан дәрек береди. Халықларды мың жыллық дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланыслары, улыўмалық тарийх, дин, мәденият ҳәм дәстүрлер байланыстырып турған Орайлық Азияда тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў Өзбекстанның сыртқы сиясатының тийкарғы баслы бағдары есапланады.

Резолюция Орайлық Азияның улыўма машқалаларды бирге шешиўди, раўажланыўды ҳәм абаданлықты тәмийинлей алатуғын бир тутас регион сыпатында қәлиплесиўинде әҳмийетли басқыш болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы