Пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында дәстүрий тәризде өткерилип киятырған «Сиз Нызамды билесиз бе?» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы, Әдиллик ҳәм Ишки ислер министрликлери менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға аймақлық басқышларда жеңимпаз болған Хожели байланыс кәсип-өнер колледжиниң «Қалқан», Тахтакөпир аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң «Инновациялық жаслар», Төрткүл академиялық лицейиниң «Бәркамал әўлад», Шоманай аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң «Қумай», Нөкис экономика кәсип-өнер колледжиниң «Жас ҳуқықтаныўшылар» командалары қатнасты.

Қатнасыўшылар елимизде суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, сораў-жуўап, жәмийетимизде ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириўге қаратылған видеороликти таныстырыў, күнделикли турмысымызда ушырасып туратуғын айырым  социаллық-ҳуқықый машқалаларды өзинде сәўлелендирген сахналық көринис басқышлары бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди. Барлық басқышлар бойынша жоқары нәтийжеге ерискен Нөкис экономика кәсип-өнер колледжиниң «Жас ҳуқықтаныўшылар» командасы жеңимпаз болып, келеси басқышқа жоллама алды.

Таңлаў қатнасыўшылары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.