Усы жылдың 20-апрель күни Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында «Mening fikrim» веб-порталының презентациясы болып өтти. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар бермекте. Бул портал арқалы Олий Мажлис палаталары, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине электрон формада жәмәәтлик мүрәжат етиў имканияты усынылады. Соның менен бирге, ҳәр бир пуқара өзиниң конституциялық ҳуқықынан пайдалана отырып, мәмлекеттиң нызамшылық системасын раўажландырыў бағдарында өз пикирлерин билдириўи мүмкин болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги