Президент Шавкат Мирзиёев 26-ноябрь күни темир жол ҳәм авиация тараўындағы мәмлекетлик компанияларда трансформация процесслериниң барысына тийисли презентация менен танысты.
Ҳәм экономикалық нәтийжелилик, ҳәм адамларға қолайлық көз қарасынан бул тараўда үлкен өзгерислер болмақта. «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети қурамында 6 еркин кәрхана шөлкемлестирилди. 1 мың 200 жаңа жүк вагоны алынды, ишки жөнелисте жүк тасыў ўақты 2 есеге азайды.
Санластырыў нәтийжесинде вагонға буйыртпа бериў 7 басқыштан 3 басқышқа, оған кететуғын ўақыт 72 сааттан 12 саатқа қысқарды. Ташкент әтирапында поездларды өткериў имканияты 30 процентке артты. Алдыңғы зыян менен жумыс ислеген акционерлик жәмийети быйылғы жылы 30 миллиард сум пайдаға шығып атыр.
Авиация тараўындағы компанияларда да өсиў бар. “Uzbekistan Airways” системасында авиақатнаўлар 25 процентке көбейди. Жергиликли жөнелислерде самолётлар саны 8 ге жетип, ишки қатнаўлар 2,5 есеге артты. Орайлық Азиядағы халықаралық тасыўларда миллий авиакомпаниямыздың үлеси 20 процентке жетти. Жыллық жолаўшы тасыў көрсеткиши 6 миллионнан артыўы күтилмекте.
“Uzbekistan Airports” самолётлар, жүк ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетпекте. Аэропортларды басқарыўға жеке меншик сектор кеңнен тартылғаны нәтийже берип атыр. Жер жүзиндеги 44 авиакомпания елимизге пәрўазды әмелге асырмақта. Аэропортлар арқалы жүк тасыў көлеми де быйыл 22 процентке артыўы нәзерде тутылған.
Бирақ еле ўазыйпалар көп. Транспорт жоллары қандай дәрежеде әҳмийетли екенлигин жер жүзиндеги қурамалы жағдай да көрсетпекте.
Сол себепли жөнелислерди диверсификациялаў, тасыў процесслерин тезлестириў, транспорт хызметлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў жүдә әҳмийетли.
Мәжилисте бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер додаланды.
-Мәмлекетимизде экономика, саўда қатнасықлары жылдан-жылға раўажланып атыр. Халықтың дәраматы, аймақлардың туризм потенциалы да артпақта. 2030-жылға барып жалпы ишки өнимлеримиздиң көлемин 200 миллиард долларға жеткериўди мақсет етип қойдық. Соның ушын транспорт «артерия» ларына айрықша әҳмийет бериўимиз керек,-деди Президент.
Буның ушын барлық ҳуқықый-шөлкемлестириў тийкарлары жаратылып берилмекте. Ҳәзирге шекем тараўда 25 жыл алдын қабыл етилген нызам бойынша жумыс жүргизилип киятырған еди. Усы жағынан, жаңа редакцияда қол қойылған «Темир жол транспорты ҳаққында»ғы нызам тарийхый әҳмийетке ийе болды. Бул тараўға жеке меншик компаниялар ҳәм инвестицияларды кеңнен тартыў, инфраструктурасын раўажландырыўға кең жол ашады.
Енди тараў басшылары жумыс усылларын ҳәм көзқарасларын кескин өзгертип, нәтийжени тәмийинлеў керек. Буның ушын, бәринен бурын, тараўда трансформацияны жеделлестириў, қурылыс ҳәм модернизация жойбарларын сапалы орынлаў керек. Халықаралық кредит рейтингин алыў, мәмлекет кепиллигисиз қаржы алыў, инвестицияларды нәтийжели жумсаў да әҳмийетли ўазыйпалар қатарында.
«Өзбекстан ҳаўа жоллары» еле халықты разы ететуғын дәрежеге жеткени жоқ. Халықаралық рейтинг алып, сыртқы базарға шығыў кешигип атыр. Ақыбетинде өзине түсер баҳасы жоқары болғаны ушын билет баҳасында сезилерли өзгерис жоқ. Қәрежетлерди қысқартыў бойынша илажлардың орынланыўы төмен.
Сол себепли консалтинг компаниясы кеңнен тартылып, трансформация бойынша анық бағдарлама ҳәм «жол картасы»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
“Uzbekistan Airports” системасында тийкарғы –хызметлерди көбейтиў ҳәм жеке меншик шерикликти кеңейтиў. Самарқанд аэропорты жеке меншик басқарыўға берилгеннен соң, пәрўазлар ҳәм жолаўшылар саны 5 есеге артқан. Енди Наманган, Әндижан, Бухара ҳәм Үргенш аэропортларында да усындай мақсет гөзленген. Жыл ақырына шекем аэропортларда қосымша хызметлерди 2 есеге көбейтиў, дәраматты 25 процент арттырыў мөлшерленген.
Халықаралық базардан еркин ресурс кеңнен тартылып, Наўайы аэропорты терминалынан толық пайдаланыў илажлары белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте додаланған үш компанияда санластырыўды жеделлестириў, режелерди қайта көрип шығып, экономикалық нәтйжелиликти арттырыў бойынша тапсырмалар берди.
ӨзА