Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша жоқары тәжирийбели ҳәм заманагөй билим ҳәм технологияларды өзлестирген тренер, төреши, селекционер ҳәм басқа да қәнигелерди таярлаў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Спорт тәлими системасын түп-тийкарынан жетилистириў арқалы олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша спортшылар резервин қәлиплестириў сапасын және де арттарыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5279-санлы қарарына муўапық:
- Төмендегилер:
профессионал билимлендириў системасын тамамлаған питкериўшилер ушын оқыў даўамлылығы үш жыл болып есапланатуғын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси түриндеги қәнигелестирилген Жоқары спорт шеберлиги институты (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестирилгенлиги;
Институтқа олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлери бойынша миллий сайланды команда ағзасы болған жасларды олардың спорт нәтийжелерине қарап және селекция бойынша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиў белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Институттың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
билимлендириўдиң заманагөй инновациялық технологияларын енгизген ҳалда ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбесин инабатқа алып денетәрбия ҳәм спорт тараўында жоқары тәжирийбели кадрларды таярлаў, соның ишинде, Халықаралық категориядағы Өзбекстан спорт устасы және Өзбекстан спорт устасы, сондай-ақ, Өзбекстан спорт усталығына талабан спортшыларды тарлаў;
денетәрбия ҳәм спорт тараўында кадрлар таярлаў системасын жетилистириў ҳәм модернизациялаўға қаратылған жаңа билимлендириў бағдарламаларын ҳәм оқыў шынығыўларының инновациялық түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
студентлердиң кәсиплик бейимлилиги, шеберлиги ҳәм көнликпелерин терең раўажландырыў;
студентлердиң республикалық ҳәм халықаралық жарысларда қатнасыўын тәмийинлеў, бул бойынша спорт резерви ҳәм миллий сайланды командалар қурамын қәлиплестириўде қатнасыў;
спорт тараўына бағдарланған илимий-әмелий изертлеўлер алып барыў ҳәм илимий қолланбаларды әмелиятта қолланыў;
билимлендириў ҳәм илимий жумыстың өндирис пенен избе-из интеграцияласыўы ушын шараятлар жаратыў;
перспективалы питкериўши спортшыларды сырт ел спорт ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине оқыўға жибериў арқалы Институттың илимий-педагогикалық потенциалын арттырыў;
заманагөй тәлим технологияларына тийкарланған оқыў процесслерин енгизиў бойынша алдыңғы сырт ел тәжирийбелерин қолланыў, денетәрбия ҳәм спорт тараўы ушын кадрлар таярлаў системасы ҳәм ашық мәлимлеме-билимлендириў орталығын раўажландырыўға жәрдемлесиў.
- Институтта оқыў процеси 2023-2024-оқыў жылынан басланатуғыны;
Институтқа студентлерди қабыл етиў Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлери питкериўшилериниң спорт нәтийжелери (қағыйда түринде айрықша ҳәм жақсы баҳаларға ийе болған қәбилетли оқыўшы-спортшылар арасынан) тийкарында әмелге асырылатуғыны;
Институтқа студентлерди қабыл етиў ашық-айдын таңлаў тийкарында өткерилетуғыны;
Институтқа студентлерди қабыл етиў параметрлери Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша мәмлекетлик комиссия тәрепинен белгиленетуғыны;
Институтқа студентлерди қабыл етиў параметрлери мәмлекетлик буйыртпа сыпатында ҳәр бир спорт түриниң өзгешелигинен (салмақ категориясы, спортшылар саны, соның ишинде, спортшы ҳаял-қызлар саны, командалық спорт түрлери бойынша тийисли спорт түринде қатнасатуғын спортшылар саны ҳәм басқалар) келип шығып, аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) арнаўлы спорт системасын басқарыў платформасында қәлиплескен Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлери питкериўшилериниң спорт нәтийжелери тийкарында қәлиплестирилетуғыны;
Институт питкериўшилерине таңланған спорт түри бойынша «тренер», «төреши», «селекционер» ҳәм басқа да қәнигеликлер берилетуғыны;
Институт питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын мәмлекетлик үлгидеги диплом берилетуғыны;
Институт студентлери спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь жобаларына муўапық өткерилетуғын республикалық жарысларда тиккелей қатнасатуғыны;
Институт студентлерин жасаў ушын үскенелер, суткалық азық-аўқат нормасы менен тәмийинлеўде Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлериниң нормативлери қолланылатуғыны;
Институт Спортты раўажландырыў министрлигиниң системасына киретуғынлығы белгиленсин.
- Төмендегилер Институт жумысын қаржыландырыўдың дәреклери етип белгиленсин:
Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары;
хожалық жумысы бойынша шәртнама тийкарында көрсетилген хызметлерден түсимлер;
физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Институтқа төмендеги ҳуқықлар берилсин:
билимлендириў процесиниң өзине тән өзгешеликлерин инабатқа алып, оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламаларын еркин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
оқыў режелериндеги теориялық билимлендириўдиң үлесин қысқартыў есабынан әмелий сабақлар көлемин арттырыў;
профессор-оқытыўшылар оқыў жүклемесин еркин нормаластырыў, сондай-ақ, тренерлер ҳәм педагог хызметкерлер тәрепинен оқыў-методикалық жумыслар алып барылыўын, «устаз-шәкирт» дәстүрлериниң енгизилиўин хошаметлеп барыў.
- Жоқары спорт шеберлиги институтының жумысын шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) 2022-2023-оқыў жылына шекем:
Институт уставын белгиленген тәртипте тастыйықласын ҳәм оны мәмлекетлик дизимнен өткериў илажларын көрсин;
Институт структурасын жоқары билимлендириў мәкемелери ушын белгиленген нормативлерге муўапық тастыйықласын;
Институттың бөлимлери, факультетлери ҳәм кафедралары қәлиплестирилиўин оның билимлендириў системасы және денетәрбия ҳәм спорт тараўында заманагөй билимлерге, сондай-ақ, әмелий жумыс тәжирийбесине ийе жоқары мағлыўматлы қәнигелер, соның ишинде, сырт ел қәнигелери менен толықтырылыўын, оқытыўшылар, тренерлер ҳәм қәнигелердиң профессионал көнликпелери ҳәм билим дәрежелерин үзликсиз арттырыў ушын шараятлар жаратылыўын тәмийинлесин;
зәрүр оқыў режелери ҳәм оқыў бағдарламалары, оқыў-методикалық материаллар ҳәм қолланбалар ислеп шығылыўын тәмийинлесин;
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте Олимпия ҳәм Паралимпия колледжлеринде таярланатуғын кәсиплер (қәнигеликлер)диң маманлық талабы ҳәм оқыў режелерин профессионал стандартлар тийкарында жетилистирсин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги Өзбекстан миллий олимпия комитети ҳәм Өзбекстан Миллий паралипия комитети менен биргеликте:
Институт студентлериниң спорт таярлық шынығыўларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде спорт түрлери бойынша миллий сайланды командалар бас тренерлерин Институттың оқыў-шынығыў процесслерине тартыў;
Институт студентлерин спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине муўапық жыл даўамында үзликсиз оқыў-шынығыў жыйынларына тартыў және халықаралық жарысларда қатнасыўын тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Институт структурасында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған:
Мәлимлеме-ресурс орайы;
Медицина бөлими шөлкемлестирилсин.
Спортты раўажландырыў министрлиги:
а) 2023-2024-оқыў жылына шекем Мәлимлеме-ресурс орайының жергиликли ҳәм сырт ел оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар, сабақлықлар және оқыў қолланбалары менен толықтырылыўын тәмийинлесин;
б) Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте:
2023-2024-оқыў жылына шекем Институттың медицина бөлимин маман қәнигелер менен толықтырсын;
Институттың жарысларға таярлық ҳәм жарыслар дәўиринде үлкен физикалық жүклеме астында ҳәрекет ететуғын спортшы-студентлерин тезлик пенен тиклеп алыў ушын фармологиялық жәрдем бериў мақсетинде 2023-жылдан баслап ҳәр жылы декабрь айына шекем зәрүр дәри қураллары менен тәмийинлеў бойынша Қаржы министрлигине тийкарланған есап-санақларды усынсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң Институтты Самарқанд қаласы, Ибн Сина көшеси, 17а-жай мәнзили бойынша жайластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Институт жумысын сақлаўға байланыслы зәрүр қаржылардың 2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
- Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң кеңесгөйи А.К.Каримов ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Э.О.Турдимов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 6-июнь