Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын кеңейтиў, өз-ара шерикликти тереңлестириў, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды жедел раўажландырыўға қосып атырған үлкен үлеси, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ҳәм түпкиликли өзгерислерди мүнәсип қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан басламаларын халықаралық көлемде жедел алға қойыўға қаратылған нәтийжели жумыслары, сондай-ақ, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик руўхын және де беккемлеў, пайдалы ҳәм көп қырлы қатнасықларды жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы жемисли мийнети ушын төмендегилер «Дўстлик» ордени менен сыйлықлансын:
Суҳайл бин Муҳаммад Фараж ал-Мазруий – Бирлескен Араб Әмирликлериниң энергетика ҳәм инфраструктура министри
Цзинь Лицюнь – Азия инфраструктуралық инвестициялар банки президенти
Ким Чангкеон – Корея – Өзбекстан бизнес ассоциациясы баслығының биринши орынбасары, Корея Республикасы
Квинт Владимир Львович – М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниң Қурамалы системаларды математикалық изертлеў институты Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры, Россия Федерациясы
Юсупов Илҳом – Суғд ўәлаяты «Өзбеклер руўхый-ағартыўшылық орайы» жәмийетлик шөлкеминиң баслығы, Тәжикстан Республикасы
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 27-август