Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының
ҚОСПА ҚАРАРЫ
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 78-статьясы биринши бөлиминиң 19-бәнтине ҳәм «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты
ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 13-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдай енгизиў ҳаққында»ғы ПП-164-санлы Пәрманына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы ПП-169-санлы Пәрманы тастыйықлансын.
- Усы Қоспа қарар дәрҳал Өзбекстан Республикасы Президентине жиберилсин.
- Усы Қоспа қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары У.Иноятов | Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбаева |
Ташкент қаласы,
2022-жыл 14-июль