Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының
ҚОСПА ҚАРАРЫ
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 78-статьясы биринши бөлиминиң 19-бәнтине ҳәм «Айрықша жағдай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 11-статьясының екинши бөлимине муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты ҚАРАР ЕТЕДИ:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдайдың әмел етиў мүддетин тоқтатыў ҳаққында»ғы ПП-173-санлы Пәрманы тастыйықлансын.
- Усы Қоспа қарар дәрҳал Өзбекстан Республикасы Президентине жиберилсин.
- Усы Қоспа қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикери Н.Исмоилов | Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбаева |
Ташкент қаласы,
2022-жыл 20-июль