Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Өзбекстан Республикасының «Айрықша жағдайлар ҳаққында»ғы Конституциялық нызамына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасы аймағында айрықша жағдайлар енгизиў ҳаққында»ғы ПП-164-санлы Пәрманының 2-бәнтиндеги «саат 21:00 ден саат 07:00ге шекем» cөзлери «саат 23:00 ден саат 05:00 ге шекем» сөзлери менен алмастырылсын.
- Усы Пәрман қол қойылған күннен баслап күшке киреди ҳәм ғалаба хабар қуралларында жеделлик пенен жәрияланыўы шәрт.
- Усы Пәрман Өзбекстан Республикасының Олий Мажлиси палаталарына тастыйықлаў ушын жиберилсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2022-жыл 13-июль