Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Кейинги жылларда халықты социаллық қорғаў системасын жетилистириў, социаллық қорғаў тараўына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылардың муғдарын арттырыў ҳәм қосымша ресурсларды тартыў, социаллық қорғаў бағдарламаларының қамтып алыўын кеңейтиў ҳәм шаңарақларды аўыр турмыслық жағдайлардан алып шығыўға қаратылған қосымша механизмлерди енгизиў бағдарларында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда:
кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға мәнзилли жәрдем көрсетиў мақсетинде «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы енгизилди;
кем тәмийинленген напақа алатуғын шаңарақлардың саны кейинги үш жылда торт есеге артып, 1,9 миллионға жетти;
кем тәмийинленген шаңарақлардағы балаларды тәрбиялаў ушын төленетуғын напақа менен қамтыў кеңейип, напақа тайынлаўда есапқа алынатуғын балалардың жасы 14 жастан 18 жасқа шекем арттырылды, бул төлем мүддети 6 айдан 12 айға шекем ҳәм напақа муғдары орташа 1,5 есеге арттырылды;
жумыссызлық напақаларының ең кем муғдарлары 3,2 есеге арттырылды, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған 20 дан аслам жаңа инструментлер енгизилди.
2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген мақсетлерден келип шығып ҳәм социаллық қорғаў тараўында системалы реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм буннан былай да жетилистириў, халықтың социаллық қорғалыў ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик социаллық жәрдем ҳәм хызметлерди көрсетиўде нәтийжели уйымлараралық муўапықластырыўшы системаны жаратыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм социаллық напақа тәмийинлеў нормаларына жуўап беретуғын барлық шаңарақлар ҳәм шахсларды социаллық жәрдем бағдарламалары менен қамтып алыў;
мәжбүрий социаллық кепилликлерден, соның ишинде, социаллық қорғаў түрлеринен пайдаланыў имканиятын тараўды санластырыў есабынан кеңейтиў, бул процесске ашық-айдынлық принциплерин енгизиў;
халық ушын мәжбүрий социаллық кепилликлерди тәмийинлеў, мүтәж қатламлардың социаллық қорғалыўын күшейтиў;
майыплықты белгилеўдиң социаллық моделине басқышпа-басқыш өтиў ҳәм имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў;
халықтың мүтәж бөлегин заманагөй протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация қураллары менен тәмийинлеў;
социаллық хызметлерди халыққа тиккелей мәҳәлле дәрежесинде көрсетиў әмелиятын енгизиў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаў стратегиясы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаў стратегиясын мақсетли көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаў стратегиясының 2022-2023-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы халқын социаллық қорғаў стратегиясында белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў мақсетинде, 2024-жылдан баслап «Жол карталары» ҳәр еки жылда Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғыны белгиленсин.
- Қаржы министрлиги қурамында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Социаллық қамсызландырыў қоры дүзилсин.
Социаллық қамсызландырыў қорының жумысын қаржыландырыў дәреклери болып Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есапланатуғыны белгиленсин.
- Социаллық қамсызландырыў қоры есабынан:
а) 2022-жыл 1-сентябрьден баслап мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша минимал тутыныў қәрежетлеринен келип шығып ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақалары төленетуғыны.
Онда, хызметкердиң мийнет стажында 1 айға шекемги тәнепислер бар болса бул тәнепислерден алдынғы ҳәм кейинги айлар избе-из жумыс стажын есаплаўда қолланылатуғыны;
б) келешекте мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў бойынша берилетуғын напақалар «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы басқышпа-басқыш төленетуғыны белгиленсин.
- Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги (А.Инаков) Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов), Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги (С.Турдиев), Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети (З.Махкамова) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:
2023-жыл 1-мартқа шекем мәмлекет тәрепинен кепилленген ҳәм бийпул усынылатуғын минимал социаллық хызметлердиң дизимин қәлиплестирсин ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;
2023-жыл 1-июльге шекем мәмлекет тәрепинен кепилленген ҳәм бийпул усынылатуғын минимал социаллық хызметлерди көрсетиў стандартларын тастыйықласын.
- Социаллық қамсызландырыў қорының шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен:
2022-жыл 1-сентябрьден Қаржы министрлиги жанындағы Ҳәкимшилик имаратлардан пайдаланыў басқармасының сапластырылыўы есабынан 3 штат бирлигинен ибарат Социаллық қамсызландырыў қорының жумысын шөлкемлестириў бөлими;
бюлжеттен тысқары Пенсия қорының атқарыў аппараты штат бирликлери есабынан 2 штат бирлигинен ибарат Социаллық төлемлерди «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырыў секторы;
2022-жыл 1-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң финанс бас басқармалары жанында, олардың улыўма штат бирликлери шеңберинде 2 штат бирлигинен ибарат Социаллық қамсызландырыў қоры қаржыларын басқарыў ҳәм Социаллық қамсызландырыў напақалары төлемлерин мониторинг етиў бөлимлери шөлкемлестирилсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте усы пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы халықтың арасында турақлы, системалы ҳәм кең көлемде сәўлелендирип барылыўын тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 25-июль